Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекистан дөретиўши-зыялылар ўәкиллери менен өткерилген видеоселектор  ушырасыўында халқымыздағы той-мерекелерде артықша ысырапгершиликти ен жайып баратырғанын сынға алып, той-мерекелерди тәртипке салыў бойынша пикирлерин билдирген еди.

Жақында той-мерекелерди тәртипке салыў бойынша Нөкис қаласы ҳәкиминиң Бийлиги тастыйықланды.

Бийликте тийкарынан:

Нөкис қаласы аймағында барлық той мәресимлерин ысырапкершиликке жол қоймай, артықша дәбдебесиз өткериў, жаслар сейили өткерилетуғын объектлерде, атап айтқанда «Муңлы ана», «Мырза Улығбек», «Әжинияз» естеликлери ҳәм қалалық пуқаралық ҳалатларын актлестирип жазыў (ПҲАЖ) бөлими әтирапы, «Истиқлол» балалар дем алыў орайында тәртип-интизамды, тазалықты сақлаў ҳәм қала аймағында жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў;

– Мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары менен бирликте мәҳәллелерде үгит-нәсият жумысларын алып барыў;

– Нөкис қаласы аймағында жол транспорт ҳәдийселериниң кескин көбейип кетиўи, олардың алдын алыўға қаратылған ис-илажларға қарамастан қала аймағындағы көшелерде жол транспорты ҳәрекети қағыйдаларын қопал рәўиште бузып атырған ҳәм усы транспорт ҳәдийселериниң басым көпшилиги тойлардағы жаслар сейиллеринде (гулянка) топар болып ҳәрекетленип, мәс ҳалда транспорт басқарғанлығы себепли келип шығып атырғанлығын есапқа алған ҳалда арнаўлы рейдлер шөлкемлестириў;

– той мәресимлеринде жаслар сейили келин-күйеў автомашинасынан тысқары 4 автомашинадан артық болмаўын қадағалаўға алыў,

– алып барылған рейдлер нәтийжесинде жол транспорт қағыйдаларына бойсынбаған транспорт басқарыўшыларына ҳәм оған себепши болған шахсларға нызам шеңберинде қатаң шаралар көриў ҳәм т.б. илажлар нәзерде тутылған.

Той-мереке – ол тек жеке ис емес, ал жәмийетлик мәселе, – деп атап өткен еди Президентимиз. Солай екен, шаңарақлық мәресимлерди тәртипке салыў, оларды ықшам, ысырапгершиликке ҳәм дәбдебеге жол қоймай өткериў ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз екенлигин умытпаўымыз дәркар.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы