1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни қарсаңында Бозатаў районының еки елатлы пункти үлкен қуўанышқа бөленди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын басқарыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйынына қараслы Ақеден елатлы пункти аймағында 60 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жаңадан, Аспантай аўыл пуқаралар жыйынына қараслы Порлытаў елаты орайындағы 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине капитал реконструкция жумыслары исленип пайдаланыўға тапсырылды.

Бул еки балалар бақшасының ашылыў мәресимине район ҳәкими Камал Алланиязов, район белсендилери ҳәм тараў басшылары қатнасып, аймақ халқын жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлады ҳәм елимиз басшыларына балаларға көрсетип атырған усындай ғамқорлықлары ушын өзлериниң терең миннетдаршылықларын билдирди.

-Бозатаў районы бойынша 11 мәмлекетлик, 4 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми бар ҳәм оларда 1092 бала тәлим-тәрбия алмақта,-дейди районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң баслығы Венера Ембергенова.-Ақеден ҳәм Порлытаў елатларында жаңа балалар бақшаларының пайдаланыўға берилиўи, тек аймақ балаларын ғана емес, ал, пүткил елат халқын шексиз қуўанышқа бөледи. Себеби, ендигиден былай бул аймақтың балалары да заман талабына сай барлық қолайлы шараятларға ийе бақшаларда тәлим-тәрбия алып, олардың келешекте жетик инсанлар болып жетилисиўине тийкар жаратылады. Усындай шараятларды жаратып атырғаны ушын елимиз басшыларына өзлеримиздиң үлкен рахметимизди айтамыз ҳәм халық исенимин толық ақлаў ушын ҳәрекет ете беремиз.

Илажда мәресим қатнасыўшылары мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар ушын жаратылған қолайлықлар менен танысып, оларға өзлериниң унамлы баҳаларын берди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы