2017-жыл 18-август күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев басқарды.
Кенгаш Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он биринши жалпы мәжилисин усы жыл 24-август күни Ташкент қаласында шақырыў ҳаққында қарар қабыл етти.
Сенаттың жалпы мәжилисиниң күн тәртибинде елимизде алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыўға, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылында әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўына қаратылған Өзбекистан Республикасының бир қатар нызамлары киргизилмекте.
«Ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў ҳаққында»ғы, «Балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткеретуғын мәлимлемеден қорғаў ҳаққында»ғы, «Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳаққында»ғы, «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы (жаңа редакциясы), «Ташкент қалалық халық депутататлары районлық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы, «Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққында»ғы нызамлар усылардың қатарына киреди.
Жалпы мәжилисте сенаторлар «Өзбекистан Республикасы жаслары күнин белгилеў ҳаққында»ғы ҳәм Өзбекистан Ресубликасы жаслары күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызамларын да көрип шығады.
Сондай-ақ, жалпы мәжилистиң күн тәртибине Ташкент ўәлаятының Туйтепа, Янгийул ҳәм Оҳангарон қалаларын ўәлаят қарамағындағы қалалар қатарына киргизиў ҳаққындағы мәселелер де киргизилди.
Буннан тысқары, жалпы мажлисте сенаторлар Өзбекистан Республикасы Конституциялық судты сайлаў ҳаққындағы, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының айырым басшыларына парламентлик сораў жибериў, сондай-ақ, парламентлик сораў нәтийжелери ҳаққындағы мәселелерди де қарап шықты.
Жалпы мажлисте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылыўы режелестирилмекте.
Он биринши жалпы мажлиске таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша Олий Мажлис Сенаты комитетлериниң ҳәм аппаратының жумысын муўапықластырыў мақсетинде Кенгаш тәрепинен жумысшы топар дүзилди.
Өзбекистан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети