19-24-май күнлери Бирлескен Араб Әмирликлериниң пайтахты Абу-Даби қаласында дзюдо бойынша ересеклер арасында жәҳән чемпионаты болып өтеди.
Оған бүгинги күнге шекем планетамыздың 110 мәмлекетинен 683 (362 ер, 321 ҳаял-қыз) дзюдошы қатнасыў тилегин билдирип, халықаралық дзюдо федерациясының рәсмий сайтынан дизимнен өткен. Олардың арасында Өзбекстан сайланды командасының 17 дзюдошысы қатнасады. Атап айтқанда, -60 кг салмақта Дилшодбек Баратов пенен Достон Рўзиев, -66 кг да Сардор Нуриллаев ҳәм Муҳриддин Тиловов, -73 кг да Муроджон Йўлдошев пенен Шаҳрам Аҳадов, -81 кг да жақында Астана қаласында өткерилген үлкен дубылға турниринде алтын медальды қолға киргизген қарақалпақстанлы палўан Шарофиддин Болтабоев, -90 кг да Давлат Бобонов, +100 кг да Алишер Юсупов, ҳаял-қызлар арасында
-48 кг салмақта Ҳалимажон Қурбонова, -52 кг да Диёра Келдиёрова, Сита Кадамбаева, -57 кг да Шукуржон Аминова, -70 кг да Шоҳиста Назарова, Гулноза Матниязова, -78 кг да Ирисхон Қурбонбоева, +78 кг: Рината Илматовалар елимиз абырайын қорғайды.
Ал, ерлер арасында -100 кг, ҳаял-қызлар арасында -63 кг салмақ категориясында Өзбекстан сайланды командасынан ҳеш ким қатнаспайды.
Чемпионға 2000 упай берилетуғын бул жәҳән чемпионаты Олимпиада ушын рейтинг упай беретуғын ең соңғы турнир болып есапланады ҳәм бул жарыстан соң Олимпиадаға баратуғын дзюдошылардың атлары толық мәлим болады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги