Хожели районы коллектор бойында Қарақалпақстан Республикасы Насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының жәрдемши хожалығы жайласқан болып, ол жерде бағ жаратылып, палыз өнимлери егилип, сондай-ақ,  үйрек бағыў жақсы жолға қойылған. Оларды және де көбейтиў ушын қосымша 100 шөже алып келинип, бағылмақта.

-Жәрдемши хожалығымызда 15 гектар бағымыз бар. Ол жерде бийдай егип қойғанбыз. Сондай-ақ, қаўын, ғарбыз, асқабақ, палаўқабақ еккенбиз. Араларына үйреклерге  дән ушын  жүўери, мәкке  еккенбиз. Жәрдемши хожалығымыз қасынан үйрек бағыўды шөлкемлестирип атырмыз,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы баслығы К. Сарыбаев.  Баста 300 дана үйрек баққан болсақ, 150 дей данасын байрамларда жумысшыларға бердик. Орнына шөжелер әкелип толықтырдық. Усы районда 15 гектар қараўсыз қалған бағдың жерин сүрип, тазалап соның 5 гектарына  жаңадан бағ жаратып атырмыз. Ол жерде нәллер менен бирге  овощ-палыз егинлерин егип атырмыз. Бул өнимлерди байрамларда жумысшыларға бердик. Насос әтирапында қой-ешкилер де бағылмақта. Кегейли районында да қой-ешки бағып атырмыз. Ҳәзир көпшилик адамлар  жәрдемши хожалықлардың пайдасы, абзаллығын терең түсинип жетпекте. Бир-биринен көрип, насослар әтирапына бағ жаратып, егин егип, қой-ешкилерди бағыў жақсы жолға қойылып келинбекте.

Г. Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги