Хожели районы «Шерзод Отабек» фермер хожалығында дискред суўғарыўды енгизиў бойынша көргизбели әмелий семинар болып өтти.  

Илажға Қарақалпақстан Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Оразымбетов, Хожели районы Суў жеткерип бериў хызмети мәмлекетлик мәкемелери баслықлары ҳәм суўды үнемлеўши технологиялар бойынша қәнигелер, фермерлер қатнасты. “Eco drip” кәрханасы баслығы А.Ахмедов дискред суўғарыў технологиясын пайдаланыў ҳәм оның абзаллықлары ҳаққында айтып өтти. Технология қуяш панелинен алынған электр энергиясы менен ислейди. Соның ушын оны  басқа орынға көшириў аңсат  болады.

-Ҳәзирше 10 гектар жерге 130 млн сумлық кредит шықты. Және 10 гектарға орнатыў ушын арза берип қойдық,-дейди фермер хожалығы баслығы Арысланбай Ибрагимов. Бурын жеримизди насос арқалы суўғардық. 18,5 гектар пахта майданының шорын жуўыў ушын 800 литр дизел майы жағылатуғын еди. Бир литр жанылғы 9,5 мың сумнан болғанда 7 млн. 600 мың сум қәрежет жумсалған.

Суў хожалығы министрлиги қәнигесиниң есаплаўына қарағанда фермер мәмлекеттен 50 млн сум әтирапында субсидия алады. Ҳәм электр ислеп шығаратуғын, ҳәм суўды тартып беретуғын технология оған 80 млн сумға түспекте.

-Қуяш панелинде ислейтуғын технология орнатқанымыз жақсы болды. Буған қосымша 16 аккумлятор қоймақшымыз. Мақсетим-енди суўшыларым бел, кетпен көтерип жүрмесин деймен. Заманагөй технологиялардан пайдаланып,  суўды ҳәм қәрежетти үнемлеймиз. Ең тийкарғысы жумысшылырымыздың мийнети аңсатласады,-дейди А. Ибрагимов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги