Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 17-август күни Ташкентте ишки ислер уйымлары системасында алып барылып атырған жумыслардың жағдайы, машқалалар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының басшылары, Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйлери, бир қатар министрликлер менен ведомстволардың басшылары, сондай-ақ, видеоселектор арқалы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, олардың жаслар ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарлары, жәмийетлик шөлкемлердиң, ишки ислер уйымларының структуралық бөлимлериниң жуўапкер адамлары қатнасты.

Мәжилисте ишки ислер уйымлары системасында алып барылып атырған жумыслардың жағдайы ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды.

Халықтың тыныш ҳәм татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти және қәўипсизликти сақлаў мәселелери Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған мәмлекетлик сиясатта ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы орынды ийелейди. Ҳақыйқатында да, бул мәселе бүгин елимизде барлық социаллық-экономикалық реформалардың табыслы әмелге асырылыўын, елимизди модернизациялаўдың ҳәм жаңалаўдың ең тийкарғы шәрти және кепили болып есапланады. Соның ушын да мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ишки ислер системасын түп-тийкарынан реформалаў, оның жумыс нәтийжелилигин заманагөй басқышқа көтериў сыяқлы оғада қыйын ўазыйпа турақлы түрде күн тәртибине қойып келинбекте.

Өткен қысқа ўақыт ишинде, әсиресе, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм профилактика саласында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында жаңа жумыс усыллары енгизилди ҳәм бул тараўда бир тутас ҳуқықый система жаратылды.

Профилактикалық илажлардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде орынларда түрли буўындағы ҳәкимлер ҳәм қалалық ишки ислер бөлимлери басшыларының жаслар мәселелери бойынша орынбасарлары лаўазымлары енгизилди.

Бул тараўда парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаў күшейтилди. Сенат ҳәм жергиликли кеңеслерде жуўапкер шахслардың есапларын сын көз-қарастан додалаў, олардың жумысын баҳалаў бойынша жаңа система жаратылды.

Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў және Жас өспиримлер ислери бойынша республикалық ведомстволараралық комиссиялар шөлкемлестирилди.

Ең әҳмийетлиси ҳәр пийшемби «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни» етип белгиленип, ҳәптениң сол күнинде әмелге асырылыўы тийис  болған илажлар қатаң, анық ҳәм системалы рәўиште өткерилип келинбекте.

Нәтийжеде жынаятшылық азаймақта. Атап айтқанда, усы жылдың 7 айында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда жынаят ислеў жағдайлары 4600 ге азайды. Соның ишинде, қастан адам өлтириў 72 ге, қастан аўыр дене жарақатын жеткериў 75 ке, басқыншылық 81 ге, бийзарылық 401 ге азайды.

Ең әҳмийетлиси, жас өспиримлер тәрепинен жынаят ислеў 12,8 процентке, ҳаял-қызлар жынаятшылығы 3,84 процентке азайыўын ерисилди.

Мәҳәллелерде жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша жәмийетлик институтлар менен биргеликте алып барылып атырған кең көлемли профилактикалық илажлардың нәтийжесинде 1765 мәҳәлледе жынаят ислеўге жол қойылмады.

Тараўға мәлимлеме-коммуникация технологиялары кеңнен енгизилмекте. Жәмийетлик орынларда орнатылған 114 мыңнан аслам видеобақлаў қурылмаларынан пайдаланған ҳалда Ташкент қаласы, Әндижан, Наманган, Ферғана, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында дерлик 10 мыңға шамалас жынаят ашылды.

Соның менен бирге, талқылаўлар айырым аймақларда жумыслар көзабаға, тек ғана қағаз ушын орынланып, соның ақыбетинде жағдай унамлы тәрепке өзгермей атырғанын көрсетпекте. Барлық жерде де профилактикалық илажлардың нәтийжелилиги жеткиликли дәрежеде тәмийинленип атырғаны жоқ.

Мәмлекетимиз басшысы Ишки ислер министрлиги басшылығы тек ғана исленген жынаятлар ҳәм олардың ашылыў дәрежеси ҳаққында мәлимлеме бериў менен шекленип қалып атырғанын, аймақларда өткерилген профилактикалық илажлар, олардың нәтийжелилигин сын көз-қарастан талқылаў, орынларда ишки ислер уйымларының жумысын турақлы муўапықластырып барыў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратпай атырғанын атап өтти.

Министрлик системасында шешимин күтип турған басқа да машқалалар жоқ емес.

Президентимиздиң атап өткениндей, айырым аймақларда ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳәм жынаятшылықты ерте анықлаў жумыслары қанаатландырарлы емес. Мәселен, республикамыз бойынша жынаятшылық көрсеткишлери азайған, бирақ Самарқанд ўәлаятында артып кеткен. Бухара, Наўайы, Ферғана ўәлаятларында ҳәм Қарақалпақстан Республикасында ҳаял-қызлар тәрепинен жынаят ислеў жағдайлары көбейген.

Соның менен бирге, көп мәрте атап өтилгенине қарамастан, орынларда профилактика мәселесине жетерли итибар берилмей атыр. Мәселен, Самарқанд ўәлаятында исленген 49 адам өлтириўдиң 14и, Жиззақ ўәлаятында 10 нан 4 еўи, Наўайы ўәлаятында 10нан 3 еўи, Қашқадәрьяда 30дан 6 ының алдын алыў ушын толық имканиятлар бар болған – мәҳәлле белсендилери ҳәм профилактика инспекторлары белгили бир жынаят болыў мүмкинлигинен хабардар болса да, бирде-бир илаж көрмеген.

Бул бағдарда және бир әҳмийетли мәселе – ҳуқықбузарлықлардың ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў тек ғана ишки ислер уйымының ўазыйпасы деген ески көз қарастан ўаз кешилмегени менен байланыслы. Атап айтқанда, исленген аўыр жынаятлардың ҳәр бесиншисине шаңарақлық турмыс қатнасықлары себепши болған. Мәҳәллелер, ҳаял-қызлар комитетлери шаңарақлық келиспеўшиликлерди үйренип, өз ўақтында сапластырыўы мүмкин еди, деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы мүнәсибет пенен «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды, «Нураний» қоры, Ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы басшыларына тийисли жуўмақ шығарып, биргеликте шаңарақлық, қоңсылар арасындағы    келиспеўшиликлер ҳәм сол сыяқлы машқалалардың тийкарғы себеплерин анықлаў, олардың шешимин табыў, тәреплерди жарастырыў бойынша зәрүр илажлар көриў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген шахсларға байланыслы профилактикалық илажлар өткериў, ҳәкимшилик қадағалаў жүргизиў де үлкен әҳмийетке ийе. Бирақ бул бағдардағы жумысларда да айырым кемшиликлер көзге тасланбақта. Елимиз бойынша 12 мыңға шамалас ҳәкимшилик қадағалаў орнатылыўы мүмкин болған шахслардан 6377сине бундай илаж қолланылмаған. Себеби, мине усындай илаж олардың ертең және жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық жолына кирип кетпеўине кепил болып хызмет етеди. Ҳәр бир судланған шахсты социаллық қоллап-қуўатлаў арқалы олардың мәмлекетке ҳәм жәмийетке душпан емес, дос болыўын тәмийинлеўимиз шәрт. Бундай шахсларды социаллық турмысқа бейимлестириўге, жумыс пенен тәмийинлеўге айрықша итибар бериў керек.

Мәмлекетимиз басшысы, халықаралық терроризм, диний экстремизм, жәмийетте, әсиресе, жаслар арасында жат идеялардың тарқалыўы сыяқлы қәўип-қәтерлер жуўапкер ведомстволар тәрепинен өз ўақтында олардың алдын алыўға ҳәм шек қойыўға байланыслы кескин илажлар көриўди талап етип атырғанын атап өтти.

Орынларда көплеген илажлар, бағдарламалар қабыл етилген, бирақ олардың салмақлы бөлегиниң орынланыўын қағазда қалып кетпекте.

Узақ мүддет шет елде болып келген шахслар менен жумыс алып барыўға айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр. 2017-жылы 67 мыңнан аслам жерлесимиз шет елден қайтып келгени анықланған. Орынлардағы басшылар өз ўақтында бундай шахслар шет елде жумыс излеп сергиздан болыўының алдын алыў мақсетинде оларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўи, өзиниң үйинде, перзентлериниң баўырында өмир сүриўи ушын мүнәсип шараят жаратыўға жақыннан жәрдем көрсетиўи лазым еди. Ҳәзирги күнде шет елден қайтып келген көплеген пуқараларымыздың жумысқа орналастырылмағаны жуўапкер шөлкемлер тәрепинен бул мәселеге жетерли әҳмийет берилмей атырғанын көрсетеди.

Мәмлекетимиз басшысы жас өспиримлер арасында қолайсыз ҳәм жынайый ис-ҳәрекетлердиң алдын алыў, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаўды тәмийинлеў, нызамға ҳүрмет, ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириў жумыслары төмен дәрежеде орынланып атырғанын атап өтти.

Бул тараўда елеге шекем қадағалаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасының жумысы бирден-бир мақсетке бағдарланбаған. Бала ушын мектепте – мектеп, үйде – ата ана, мәҳәлледе – белсендилер жуўапкер, деген ески көз-қарас жойтылмаған.

Көпшилик аймақларда жәмлеспеген жаслар менен ислесиў де басшылардың қадағалаўынан шеттте қалған. Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы, Жиззақ, Наманган, Әндижан, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында жәмлеспеген жаслар тәрепинен жынаят ислеў көрсеткишлери жоқары болып қалмақта.

Усы мүнәсибет пенен Министрлер Кабинети ҳәм Ишки ислер министрлигине барлық буўындағы ҳәкимлер ҳәм ишки ислер уйымлары баслықларының жаслар мәселелери бойынша орынбасарларының жумысын сын көз-қарастан талқылап, тийисли усыныслар киргизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәжилисте жынаятларды ашыў, жынаятларды табыў ҳәм услаў бағдарындағы жумыслар сынға алынды. Бүгинги күнде 3 мың 186 жынаят ашылмаған, излеў жәрияланған 15 мың 958 жынаяттан тек ғана 5 мың 250и усланған. Олардың азатлықта жүрип қайтадан жынаятқа қол урмаўына ҳеш ким кепиллик бере алмайды. Сонлықтан Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Миллий қәўипсизлик хызмети, Жоқарғы суд тийисли шөлкемлер менен биргеликте бул тараўда ишки ислер уйымлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды сын көз-қарастан талқылап, мәлимлеме бериўи белгиленди.

Президент Шавкат Мирзиёевтың атап өткениндей, барлық кемшиликлердиң тийкарында бәринен бурын Ишки ислер уйымларында кадрларды таңлаў, орын орнына қойыў, қайта таярлаў бойынша жумыслардағы жағдайдың қанаатландырарсызлығы менен байланыслы. Быйыл Ишки ислер уйымлары хызметкерлерине 223 жынаят иси қозғатылғаны, 462 хызметкер интизамлық жазаға тартылғаны буның айқын дәлили болып есапланады.

Соның менен бирге, ишки ислер уйымлары хызметкерлери ислеген жынаятларды жасырыў, дизимге алмаў жағдайлары бақланбақта. Ол қағазда жынаят көрсеткишлерин жасалма түрде төменлетиўге, өзиниң хызметкерлерин қорғаўға урыныўдан басқа нәрсе емес.

Тараўда кадрлар мәселесин нәтийжели шешиў мақсетинде мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Ишки ислер академиясына оқыўға кириў ушын тест сынақлары бийкар етилип, жаңа тәртип белгиленди. Оған бола, Ишки ислер министрлигиниң жоқары оқыў орынларына талабанларды мақсетли таярлайтуғын академиялық лицейлер шөлкемлестириледи. 2020-жылдан баслап тыңлаўшылар оқыўға, мине, усы лицей пиктериўшилери ҳәм ишки ислер уйымлары хызметкерлери арасынан сәўбетлесиў ҳәм кәсиплик таңлаў тийкарында қабыл етиледи.

Жумысы нәтийжели болыўы ушын шараят та жеткиликли болыўы керек, әлбетте. Усы мәнисте, ишки ислер уйымлары хызметкерлерине, биринши гезекте профилактика инспекторларына хызмет ҳәм жасаў шараятларын жақсылаў, оларды өзлери хызмет етип атырған аймақта турақ жай менен тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны итибарға ылайық. Бирақ орынларда бул бойынша тапсырмалардың орынланыўы төмен алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы тийисли жуўапкер адамларға бул жумысларды жеделлестириў бойынша тапсырмалар менен көрсетпелер берди.

Атап өтилгениндей, аймақларда ишки ислер уйымларының жумысында кемшиликлер жүзеге келип, узақ мүддет шешилмей атырғанында белгили бир  мәнисте район ҳәм қала прокурорларының да айыбы бар. Прокуратураның тийкарғы ўазыйпаларынан бири ишки ислер уйымлары нызамларды қалай орынлап атырғанын қадағалаўдан, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде олар менен жумысты муўапықластырыўдан ибарат. Бирақ айырым прокуратура хызметкерлери таныс-билислик себепли бул ўазыйпаны ҳүжданлы түрде орынламай атыр. Бир сөз бенен айтқанда, ишки ислер уйымларының жумысы үстинен прокурорлық қадағалаў жеткиликли дәрежеде орнатылмаған.

Усы мүнәсибет пенен Бас прокуратура басшылығына ишки ислер уйымлары жумысы үстинен нәтийжели прокукорлық қапдағалаў орнатыў ҳәм прокурорлардың жеке жуўпкершилигин арттырыўды тәмийинлеў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы ишки ислер уйымларының жумысын жетилистириўде системаны реформалаўға кең жәмийетшиликти тартыў үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.

Ишки ислер уйымларын реформалаў процесинде Олий Мажлис Сенаты буннан былай да белсендилик пенен ислеўи зәрүр. Мәжилисте көтерилген кемшиликлер Сенат бул саладағы жумысларды жаңа басқышқа көтериўи лазымлығын көрсетпекте.

Районлық ҳәм қалалық ишки ислер уйымлары басшыларының орынбасарларына аймақларды өз-ара бөлистирип алған ҳалда жумыс ислеў ўазыйпасы тапсырылған. Бирақ орынларда бөлистириў көзабаға әмелге асырылған.

Сенат бул саладағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, ишки ислер системасын ең үлгили салаға айландырыў бойынша тийисли министрликлер менен зәрүр илажларды әмелге асырыўы лазым. Атап айтқанда, ишки ислер министриниң ҳәм оның орынбасарларының есабын тыңлаў және тийисли қарарлар қабыл етиўге буннан былай да үлкен итибар менен қараў керек. Төменги буўында болса орынлардағы ишки ислер уйымлары басшылары жергиликли халық депутатлары Кеңеслерине есап бериўин еле де нәтийжели шөлкемлестириўге көмеклесиў керек.

Мәмлекетимиз басшысы адамлар өзин қыйнап атырған машқалаларды шешиў уышн толық исеним менен, бәринен бурын, ишки ислер уйымларына, профилактика инспекторларына мүрәжат етиўине, ҳәр бир хызметкерде өзиниң қорғаўшысын көриўге ерисиў зәрүрлигин атап өтти. Сонда ғана ишки ислер уйымлары халық арасында мүнәсип абыройға ийе болады.

Мәжилисте Ишки ислер министрлиги ҳәм Бас прокуратураның жуўапкер адамларының есаплары тыңланды.

Шығып сөйлегенлер Ишки ислер министрлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери додалаўдан өзине тийисли жуўмақ шығарып алып, мәжилисте көтерилген ҳәм саладағы бар басқа да кемшиликлерди сапластырыў жолында шын жүректен ҳәрекет ететуғынын атап өтти.

ӨзА