Тақыятас районында жайласқан әскерий бөлимде мүддетли әскерий хызметке шықырылғанлардың   ана Ўатанға, халыққа  садық хызмет етиўге ант етиў мәресими болып өтти.

Илажға Тақыятас районы ҳәкими Д.Қурбанов, район прокуроры Б.Машарипов, ишки ислер бөлими баслығы И.Салиев, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың ата-аналары, жақынлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Илажды әскерий бөлим командири М.Рахимов кирис сөз бенен ашып,  әскерлерге ел журтымыз, Президентимиз алдындағы жуўапкерли хызметлеринде әўметлер тиледи.

Дәслеп әскерий хызметке шақырылғанлар  салтанатлы түрде ант қабыллады ҳәм оларға Президент саўғалары тапсырылды.


Ант қабыл етилгеннен соң әскерий бөлим командири, Өзбекстан қорғаныў министри Б.Қурбоновтың Өзбекстан әскерий хызметкерлерине қутлықлаўы оқып еситтирилди. Мәресимде сөзге шыққанлар әскерий хызметке шақырылғанларды ҳәм олардың жақынларын ант қабыллағынлығы менен қутлықлап, елимизге мүнәсип перзентлер болып хызмет етиўине әўметлер тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги