Нөкис қаласында Президент сыйлығы ушын өткерилетуғын «Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўының Қарақалпақстан Республика басқышы болып өтти.

Онда таңлаўдың Нөкис қалалық ҳәм районлық басқышларында жеңимпаз болған мектеплер белгиленген шәртлер бойынша өз-ара беллести.

Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, Хожели районындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеби биринши орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм 250 млн сумлық ваучер менен сыйлықланды. Сондай-ақ, бул мектеп жәмәәтине таңлаўдың Өзбекстан Республика басқышына жоллама берилди.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Кегейли  районындағы 55-санлы ҳәм Нөкис қаласындағы 27-санлы мектеп жәмәәтлерине несип етти.




Жеңимпазларға дәрежели диплом, 200 ҳәм 150млн сумлық ваучерлер тапсырылды.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги