Имканияты шекленген ўатанласларымыздың ҳуқықый саўатлылығын ҳәм мәдениятын раўажландырыў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта. Бул процессте заманагөй мәлимлеме технологияларының кең имканиятларынан пайдаланған ҳалда жаратылған қолайлы ҳәм интерактив юридикалық әдебиятларға талап жоқары.

Бул бағдарда «Адолат» социал-демократиялық партиясы тәрпинен Бас нызамымыздың аудио китап түриндеги варианты жаратылды.

Конституциямыздың аудио китабы халықтың барлық қатламы ушын оның нормаларының мазмун-мәнисин қолай, аңсат түрде түсиниў, еслеп қалыў имканиятын жаратады.

Партия Сиясий Кеңеси баслығы Робахон Маҳмудованың басламасы тийкарында жаратылған бул аудио китапта бир қатар тараў қәнигелери ҳәм партия белсендилериниң усыныс ҳәм мәсләҳәтлери де орын алған.

Редактор Ислом Ҳамроев, режиссёр Ҳожиакбар Расулов ҳәм жағымлы даўыс ийеси Навфал Болтаевлардан ибарат дөретиўшилик топар менен биргеликте таярланған аудио китап имканияты шекленген пуқаралардың ҳуқықый билимлерин раўажландырыўға, қалаберди, жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жумыс, оқыў ҳәм күнделикли турмыста Конституциямыздың әҳмийетли нормаларын нәтийжели үйрениўине хызмет етеди.

Партия тәрепинен бул аудио китапты кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде бир қатар мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, билимлендириў мәкемелери, имканияты шекленгенлер менен ислесиў жәмийетлери ҳәм Миллий китапхана системасындағы мәлимлеме-ресурс орайлары менен биргеликте презентация илажларын өткериў режелестирилген.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзА