Үббинияз Әширбековтың 80 жыллығына


Жасуллыларды сыйлаў, жас әўладқа ғамхорлық етиў халқымыздың әдиўли қәсийетлеринен бири.
Сол ўақыяны бүгин еске алыўдың ийни келип тур.
…Жумыстан қайтарсын киоскаға үңилетуғын әдетим бар. «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 1993-жылғы 8-май санында Өзбекстан Президенти И.Каримовтың Пәрманы шыққан екен. Онда Ташкент қаласынан 60, Нөкис қаласынан 30 жас дөретиўшиге турақ жай ажыратыў туўралы жазылған. Газетаны қолыма желбиретип, кирейге алған үйимизге қуўана кирдим ҳәм баламды қарасыўға келген енеме асығып-ентигип: – Әже, әже (оны ҳәммемиз «әже» деп шақырамыз), енди бизлерге мына Пәрман менен үй береди, – деп көрсеттим.
Соннан ҳүжжет тапсырыў басланып кетти…
Арнаўлы комиссия дүзилип, 75 талабаннан ең ылайықлы деп табылған 30 жасқа 1994-жылдың 12-январь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Үббинияз Әширбековтың қолынан усы үйдиң гилтин алыў несип етти. Қарақалпақстан телеканалы буны экранларында көрсетти. Роза Қутекеева екеўимиз шығып сөйледик, көп ўақытқа шекем қуўанышымыз қойнымызға сыймай жүрдик. Себеби, Роза күйеўи актер Ғайрат Сайтов пенен театрдағы жумысына Қанлыкөл районынан қатнайды екен. Ғайраттың «Ява» шығар деймен, мотоциклине мингесип киятырған Розаны көз алдыма елеслетсем, қорқып кетемен, қыстың аязлы суўығында тамағын аўыртып, даўысын жоғалтып алмай ма, деп.
Усыған усас саўдалар ҳәзир илим докторы ҳәм профессорлар, ерли-зайыплы Камал Палымбетов пенен Зияда Бекбергенованың, доцент, юрист ҳәм журналистлер Тоғайтөре Қәллибеков пенен журналист Бийбижамал Караматдинованың, Дәўлетбай Бекбаўлиев пенен Абадан Есимбетованың, актер ҳәм режиссерлардан Жигербай Абдимов менен Айымхан Ақмурзаеваның, Елмурат Есемуратов пенен Роза Пиязованың, художник Гүлнара Ембергенованың ҳәм басқалардың басында бар еди. Мәселе унамлы шешилди. Көп узамай үш ҳәм төрт бөлмели үйлеримиз атымызға да тегин өткерилди.
Сол ўақытта ҳәр қайсымыз ҳәр аўылдан келип, илим-билим, өнер жолын таңлаған жаслар ушын Нөкис қаласынан қапылғанда бир бөлмели өз үйимиз болыўы үлкен әҳмийетке ийе еди.
Елимиз бурынғы аўқамнан ажыралып, өз алдына ел болып атырған ўақытлар. Республиканың статусын белгилеў, өз алдына Тийкарғы Нызамы – Конституциясын дүзиў, Мәмлекетлик нышанлары – Байрақ, Гимн, Гербти қабыл етиў мәселелери, Қарақалпақстан Республикасының нызамларын дүзип шығыў үстинде қызғын жумыслар әмелге асырылып атыр еди. Бир жағынан Арал апатшылығының дөнип, халқымыздың арасында үлкен қәўесет тарап атырған ўақлары. Елдеги сиясий-жәмийетлик, социал-экономикалық, мәдений мәселелерди түптен жолға қойыў ушын ақыл-парасат пенен ис тутыў, халқымыздың буннан былайғы турмысы ушын беккем фундамент қаланыўы зәрүр болып тур еди.
Усындай үлкен ислердиң басында турған ақсақалымыз, жол басшымыз Өзбекстан Республикасы менен бирге раўажланыў жолындағы әҳмийетли мәселелердиң қатарында келешек жаслардың турмыслық мәселесин шешиўде көрегенлик еткен екен. Сол жаслардың көбиси бүгин республикамызды социаллық-экономикалық, мәдений жақтан раўажландырыўда белгили дәрежеде үлес қосып атырған кадрлар болып хызмет етип атыр.
Биз бүгин, сол жаслар атынан ҳүрметли ақсақалымыз Үббинияз Әширбековты 80 жыллық торқалы тойы менен шын жүректен қутлықлаймыз! Денсаўлығы беккем болып, изин басып киятырған азамат ул-қызларға еле де ақыл-кеңес берип узақ жасай берсин, деймиз.

Тамара Машарипова,
Филология илимлериниң докторы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры. Журналист.
Нөкис қаласы, П.Сейтов көшеси, 3 «А» жай турғыны.

Қарақалпақстан хабар агентлиги