Алдын хабар бергенимиздей Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Арал теңизиниң қурыған аймағында қоршаған орталықты қорғаў мәселесине арналған “II Орайлық Азия Шаң» (II Oraylıq Aziya Shań) халықаралық конференциясы болып өтпекте.

Конференцияға сырт мәмлекетлерден ҳәм елимизден эколог илимпазлар, қәнигелер қатнаспақта.

Өз жумысын 15-апрель күни баслаған конференция ҳәр күни даўам етип, реже тийкарында жумыслар алып барылмақта. Тийкарынан Арал теңизи бойындағы   суў, топырақ, экосистема, қоршаған орталық ҳәм инсан саламатлығына тәсир етиўши машқалаларды биргеликте шешиў бойынша илимпазлардың баянатлары тыңланып, презентациялар исленип, усыныслар көрип шығылмақта.


-Мен жигирма бир жылдан берли экология бойынша жойбарды алып бармақтаман,-дейди биз бенен сәўбетте болған Германиядағы  Марборг  университетиниң профессоры,  физиогеограф илимпаз Кристиан Опп. Мине, төрт күннен берли университетте дүньяның көплеген мәмлекетлеринен эколог илимпазлардың қатнасыўында конференция болып атыр. Биз бул илажда  кәсиплеслеримиз бенен биргеликте экологиялық апатшылықты жумсартыў, сапластырыў,  халықтың саламатлығын сақлаў бойынша биргеликте сөйлесиўлер алып бармақтамыз. Бизлер кеше ғана Мойнаққа барып Арал теңизиниң қурыған ултанын көрип қайттық. Арал апатшылығы бул тек ғана теңиз әтирапында жасаўшы халықлардың емес ал, дүнья жүзиндеги барлық мәмлекетлерге ортақ машқала деп есаплайман. Биз илимпазлар ҳәзир теңиз ултанынан ушқан дузлы шаң тозаңлар қай жерлерге шекем тарқалатуғынын анықлаўға ҳәрекет етип атырмыз.

«Егер шаң-тозаң болмағанында инсан мың жыл жасар еди»,-деп Әбиў Әлий Ибн Сино айтқанындай, экологиялық машқалалар себепли жасап турған орталықтағы ҳаўаға көтерилип атырған дузлы шаң-тозаң халқымыздың саламатлығына кери тәсир етип атырғанлығы, бүгин халықаралық дәрежедеги машқала болып қалмақта. Бул машқала Президентимиз тәрепинен БМШ тың Бас Ассамблеясында да сөз етилип, дүнья жәмийетшилигиниң итибарын тартты. Илимпазлардың анықлаўы бойынша ҳәр жылы Арал теңизи түбинен ҳаўаға 75 млн тонна дуз Орайлық Азияның басқа да аймақларына тарқалмақта. Бул машқалаларды шешиў бойынша  Президентимиз тәрепинен экологиялық ақыбетлерди жумсартыў ҳәм халықтың саламатлығын сақлаў бойынша бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, теңиз ултанында жасыл майдан жаратыў илажлары алып барылмақта.

-Конференцияда Арал теңизинде жүз берген экологиялық апатшылық себепли тарқалып атырған шаңның келип шығыўы, тарқалыўы бойынша көплеген баянатлар тыңланбақта. Бул жерде илимпазлар өз пикирлери менен ортақласып, алдағы режелер белгиленбекте. Бүгин Америкалы Шанкар исмли илимпаздың ислеген презентациясы республикамызда әмелде қолланылса жақсы нәтийже береди деп ойлаймыз,-дейди Бердақ атындағы ҚМУ докторанты Нурназар Пирназаров.

Қызғын пикир-усыныслар тийкарында  өз жумысын даўам еттирип атырған конференция 22-апрелге шекем  болып өтеди.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги