18-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында «Жәмленген электрон каталог (catalog.unicat.uz)  бағдарламасында библиографиялық жазыўларды стандартлар тийкарында жаратыў» атамасында онлайн-семинар болып өтти. Семинарда республикамызда жайласқан жоқары оқыў орынлары мәлимлеме -ресурс орайларының қәнигелери қатнасты.

Семинарды Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы директорының  орынбасары Зибагул Сапарова ашты ҳәм басқарып барды.

Ол өз сөзинде (catalog.unicat.uz)  бағдарламасында мәлимлеме – ресурс орайларын автоматластырылған мәлимлеме – китапхана системасына өткериў ҳәм жумыс алып барыў тәртибиниң әҳмийети, мақсети ҳаққында айтып өтти.

Сондай-ақ, семинарда жәмленген электрон каталог секторы баслығы  З. Есимова жәмленген электрон каталог (catalog.unicat.uz)  бағдарламасында библиографиялық жазыўларды стандартлар тийкарында жаратыў, сектордың жетекши қәнигеси А. Халмуратова тийкарғы жазыўлар базасында керекли библиографиялық жазыўларды излеўди дурыс әмелге асырыў ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түсиник берди.

-Бул семинарды өткериўден тийкарғы мақсет, жәмленген электрон каталогта библиографиялық жазыўларды бир жерге жәмлеў, библиографик жазыўлардың қайталаныўына жол қоймаў ҳәм Мәлимлеме-китапхана орайлары менен биргеликте жумыс ислеў, мағлыўмат алмасыў болып есапланады,-дейди  жәмленген электрон каталог секторы баслығы  З. Есимова.

Семинар жуўмағында қатнасыўшылар тәрепинен баянатшыларға сораўлар берилип, бул бойынша өз-ара пикир алысты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги