Исбилерменлик субъектлерине бизнесин раўажландырыў мақсетинде банклар тǝрепинен кредит қаржылары ажыратылмақта.

Бирақ, кредитти қайтарыў миннетлемесин ɵз ўақтында орынламаған жǝмийетлердиң кредит қарыздарлығын ɵндириў мǝжбүрий орынлаў илажларын қолланған ҳалда ǝмелге асырылмақта.

Мǝселен, Мǝжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районы бɵлими ис жүргизиўиндеги пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының 2023-жыл 11-июньдағы қарары тийкарында “Gulleneber Xalqabad” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен акционерлик-коммерциялық “Халқ банк” пайдасына 1 миллиард 525 миллион сум ɵндириў белгиленген.

Қарыздарға усы орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўы кереклиги ҳаққында бир неше мǝрте ескертиўлер берилген ҳǝм 1,5 миллиард сумлық қарыз ушын оған тийисли болған Кегейли районы, Халқабад гүзары кɵшесинде жайласқан муғдары 1,6 миллиард сумлық кɵшпес мүлки Мǝжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районы бɵлиминиң мǝмлекетлик орынлаўшысы тǝрепинен тийисли тǝртипте хатлаўға алынған.

Соған қарамастан, қарыздар тǝрепинен орынлаў ҳүжжетиниң талабы иқтыярый түрде орынланбағанлығы себепли хатланған кɵшпес мүлк электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы сатыўға шығарылған.

Ѳткерилген аукцион саўдаларында сатыўға шығарылған мүлкке қарыйдар табылмағанлығы себепли усы мүлк қарыздарлықтың орнына акционерлик-коммерциялық  “Халқ банки”ниӊ балансына 2024-жылдың 18-апрель күни ɵткерип берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги