«Аймақлық электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалында ғалаба хабар қуралларының ўǝкиллери ҳǝм блогерлер ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илажда тийкарынан мǝмлекетимизде усы жыл 1-майдан баслап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында тутыныўшылардың пайдаланған электр энергиясы ушын белгиленген тарифлерге киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында түсиниклер берилди.

Филиалдың жуўапкер хызметкерлери журналистлерге кǝрхана тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы да мағлыўматлар берип өтти.

Атап өтилгениндей, ҳǝзир филиал балансында 35-110 кВлы 107 дана подстанция, узынлығы   21 405,4 км 0,4-110 кВ электр узатыў тармақлары, 6 309 дана трансформатор пунктлери болып, олар арқалы республикамыз аймағында жасаўшы жеке хожалық тутыныӯшыларды, социаллық ҳәм санаат тармақларын электр энергиясы менен тәмийинлеп келмекте.

“АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы тәрепинен күнлик режеге 6 090 кВт.саат электр энергия белгилеп берилип, ǝмелде 5 474 кВт.саат электр энергиясы жеткерилип, реже  90% орынланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында жасаўшы жеке хожалық тутыныӯшыларды, социаллық ҳәм санаат тармақларын үзиликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан аймақлық филиалы тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Усы жылдың январь-апрель айлары даӯамында узынлығы 546,7 километрлик 0,4-110 кВ электр тармақлары, 159 дана трансформатор пунктлерине ири оңлаӯ жумыслары режелестирилген болып, бүгинги күнге шекем 437,3 километрлик 0,4-110 кВ электр тармақлары, 129 дана трансформатор пунктлерине ири оңлаӯ жумыслары исленди.

Сондай-ақ, 1 133,3 километрлик 0,4-110 кВ электр тармақлары, 239 дана трансформатор пунктлерине киши оңлаӯ жумыслары режелестирилген болып, бүгинги күнге шекем  908,7 километрлик 0,4-110 кВ электр тармақлары, 192 дана трансформатор пунктлерине киши оңлаӯ жумыслары исленди.

Барлык подстанциялар тепловизор үскенеси аркалы тексериўден өткерилип, оннан басқа майлы өширгишлер, ОД-КЗ приводлары ҳәм релели қорғаў үскенелери профилактикалық тексериӯден өткерилди.

– Электр тармакларында ҳәм электр үскенелеринде келип шыққан авариялық жағдайларды тез ҳәм оператив сапластырыўда бригадалар ушын 32 автотранспорт, 37 арнаўлы техника ҳәм қосымша 73 бригада таяр ҳалатқа келтирилген.

  • Электр энергиясы ушын төлемлердиң баҳасы 2019-жылдан берли өзгерис киргизилмей киятырған еди,-дейди филиалдың өндирислик-техникалық хызметиниң баслығы Б.Нуржанов.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 16-апрельдеги “Жанылғы энергетика тараўына базар механизмлерин енгизиўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, тутыныўшыларды жанылғы-энергетика ресурслары менен исенимли тәризде тәмийинлеў, хожалықларға қайта тиклениўши энергия дәреклери орнатылыўын ҳәм энергия үнемлеўши технологиялардың кеңнен енгизилиўин хошаметлеў, жанылғы-энергетика ресурсларынның баҳаларының қәлиплесиўин басқышпа-басқыш базар принциплерине өткериўди даўам етиў мақсетинде жаңа тарифлер белгиленди.

2024-жыл 1-майдан халық ушын электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын бир айлық тутыныўдың базалық нормалары белгиленип, электр энергиясы 200 кВт саат, тәбийғый газ қыс мәўсиминде 500, жаз мәўсиминде 100 куб метр етип белгиленди. Яғный, электр энергиясының 200 кВт саатқа шекемгиси 450 сум, 201 кВт сааттан 1000 кВт саатқа шекемгиси 900 сум, 1001 кВт сааттан 5000 кВт саатқа шекемгиси 1350 сум, 5001 кВт саатттан 10000 кВт саатқа шекемгиси 1575 сум, 10000 кВт сааттан асламы 1800 сум етип белгиленди.

Егерде Сизде электр энергиясы тǝмийнатына байланыслы сораўлар пайда болса, онда «Ҳудудий электр тармоқлари» акционерлик жǝмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалының     (78) 780-07-44 ҳǝм (61)222-99-91 телефон номерлерине қоңыраў етиўиңизге ҳǝм “Ҳудудий электр тармоқлари” АЖ ның 1154 қысқа номерине Call-центр орайы арқалы байланысыўыңыз яки Қарақалпақстан аймақлық филиалының t.me/kkaetk телеграм каналына өз мүрәжатыңызды жоллаўыңыз мүмкинлигин билдиремиз.

Пресс-тур қатнасыўшылары филиалдың АСКУЭ бөлиминде болып, пайдаланылған электр энергиясын есаплаў системасының жумыслары менен жақыннан танысты ҳǝм өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги