Усы жылдың 4-18-апрель күнлери А.Авлоний атындағы миллий-изертлеў институты тәрепинен Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Билимлендириўди раўажландырыў республика илимий-методикалық орайы менен биргеликте Өзбекстан Республикасы улыўма билим бериў мектеплериниң TALIS-2024 изертлеўлеринде қатнаспақта.

TALIS-2024 – оқытыў ҳәм билим алыў орталығын үйрениў халықаралық изертлеўи болып, оған мектеп директорлары ҳәм муғаллимлер сораўнама толтырыў арқалы қатнасады. Изертлеўлерде дүнья бойлап 52 мәмлекет қатнаспақта.

Изертлеўде қатнасыў ушын мәмлекетимиздеги улыўма билим бериў мектеплери арасынан тосаттан репрезентативлик принципи тийкарында 210 мектеп таңлап алынған.

Бул изертлеўде Қарақалпақстан Республикасы бойынша 16 мектеп ҳәм усы мектеплердиң директорлары ҳәм оларда жумыс ислеп атырған 343 муғаллим қатнаспақта.

5-апрель күни Нөкис районындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде TALIS-2024  халықаралық изертлеўиниң тийкарғы сораўнама процесслери басланды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының бөлим баслығы А.Кеңесбаев бақлаўшы ўазыйпасын атқармақта.

Усы сораўнама процесслеринде мектеп директорлары ҳәм усы мектеплерде жумыс ислеп атырған муғаллимлердиң мектеп админстрациясын басқарыў, оқытыў ҳәм кәсиплик әмелият, билимлендириў дәрежеси, мектеп орталығына тийисли бир қатар бағдарлар бойынша пикирлери инабатқа алынады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги