Мәмлекетимиз тәрепинен халықтың саламатлығын қорғаў, оларға медициналық хызмет көрсетиў системасын еле де жетилистириў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бундай унамлы ислер елимиздиң басқа аймақларында болғаны сыяқлы,  Қараөзек районында да басқышпа-басқыш жүргизилмекте.

Атап айтқанда, усы райондағы Қараөзек посёлкалық пуқаралар жыйыны турғынлары көп жыллардан берли шаңарақлық шыпакерлик пунктин ашып бериў бойынша район ҳәкимлигине мүрәжат еткен еди. Олардың бул мүрәжатлары район басшылары ҳәм денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен үйренип шығылып, аймақ халқына әмелий жәрдем көрсетилди.

Бүгин усы  пуқаралардың ойлаған нийетлери әмелге асып, шыпакерлик мүрәжатлары орынланып, Бозатаў шаңарақлық шыпакерлик пункти емлеў орнының ашылыў салтанаты болып өтти.

Илажға район ҳəкими У. Утамбетов, Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А. Асқаров ҳəм бир қатар  аўыл ақсақаллары менен медицина хызметкерлери қатнасты.

Онда шығып сөйлегенлер, аўыл халқын ҳәм медицина хызметкерлерин емлеў орайының ашылыўы ҳәм Рамазан ҳайыты менен қызғын қутлықлап, имараттың қурылыс оңлаў жумысларына қатнасқан қурылысшыларға өз миннетдаршылықларын билдирди.




Буннан соң дәстүрий лента кесилип, емлеў орнында медицина хызметкерлери ҳәм аўыл халқы ушын жаратылған қолайлықлар ҳəм ишки мүмкиншиликлер менен жақыннан танысып, онда жаратылған имканиятларға өзлериниң унамлы баҳаларын берди.

Соны айтып өтиўимиз керек, жаңа шыпакерлик пункти усы аймақта жасаўшы еки мыңнан аслам халыққа медициналық жақтан хызмет көрсетеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги