Өзбекстан ҳәм Грузия мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиў байланыслары раўажланбақта. Кейинги жыллары саўда көрсеткишлери ҳәм бирге ислесиў жойбарларыныӊ саны артып, 2023-жылы товар алмасыў 23 процентке көбейди.

Бул Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоеваныӊ Грузия парламенти баслығы Шалва Папуашвили басшылығындағы делегация менен ушырасыўында атап өтилди.

Тәреплер еки мәмлекет арасындағы саўа-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеӊейтиў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў, парламентлераралық қатнасықларды жаӊа басқышқа алып шығыў мәселелерин көрип шықты.

Сәўбет барысында еки мәмлекет те өзиндеги бар потенциал ҳәм имканиятты иске қосыў, транспорт-логистика, банк-қаржы, туризм сыяқлы бағдарларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысты.

Халықларды бир-бирине жақынластырыўда мәдений-гуманитарлық байланысларды жеделлестириўге айрықша итибар қаатылды. Өзбекстан ҳәм Грузия халықларын дәстүрий беккем дослық қатнасықлары байланыстырып турыўы, мәдений илажлардыӊ тез-тез өткерилиўи руўхы ҳәм дәстүрлери жағынан оғада жақын халықлардыӊ қатнасықларын раўажландырыўға хызмет етиўи атап өтилди.

Еки мәмлекет арасында ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлердиӊ нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў ушын парламентлер арасында турақлы байланысты жолға қойыў, бул процессте паламентлераралық дослық топарларыныӊ муўапықластырыўшы сыпатында ролин және де арттырыўға итибар қаратылды.

Ушырасыўда гендер теӊлиги, аймақлар арасындағы байланысларды беккемлеў, халықаралық шөлкемлер шеӊеринде бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА