Мәмлекетимиз басшысының усы жылы 5-апрельде «Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында»ғы президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, район ҳәкимликлериниң резервиндеги 60 мың гектар жер майданы электрон онлайн аукцион саўдаларына қойылып, дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ушын жасларға ижараға бериледи ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўден сатыўға шекемги шынжырды қамтып алатуғын төмендеги жаңа система енгизиледи.

Яғный 60 мың гектар жер майданын ижараға бериў бойынша электрон онлайн аукцион саўдалары «E-auksion» электрон саўда платформасы арқалы «мәҳәлле жетилиги»ниң усынысы менен қәлиплестирилетуғын дизимге киргизилген жаслар (талапкерлер) арасында өткериледи.

Онда жер майданларын ижараға бериў бойынша электрон онлайн аукцион саўдаларының жеңимпазларына жер участкасының баҳасын 10 жыл мүддетке тең үлеслерде процентсиз бөлип-бөлип төлеўге рухсат бериледи. Гиреў пулы БЕМниң 1 есеси (340 мың сум) муғдарында белгиленеди.

Талапкерлерге 30 жыл мүддетке шекем киши лотларда «бир массив – бир өним» принципи тийкарында төмендегилер ижараға бериледи.

Овощ, картошка, палыз егинлери, гүл, көк шөплер, мәкке дәни, собықлы ҳәм майлы егинлер жетистириўге суўғарылатуғын егислик майданлары, бағшылық-жүзим жетистириў бағдарлары ушын көп жыллық тереклер ямаса нәтийжесиз бағлар жер майданлары бериледи.

Дәрилик өсимликлер жетистириў, шарўашылық бағдарлары ушын шарўа от-жем егинлерин жетистириўге мөлшерленген, суўғарылатуғын, боз, жайлаў ҳәм жаңадан өзлестирилген жер майданлары ажыратылады.

Талапкерлерге ажыратылатуғын жер майданларының өлшемлери «мәҳәлле жетилиги» усынысына бола анықланады.

Жер майданларын электрон онлайн аукцион саўдалары арқалы ижараға алған жаслар «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»нен шығарылмайды ҳәм олар ушын нызамшылықта белгиленген барлық жеңилликлер ҳәм преференциялар сақлап қалынады.

Талапкерлер тәрепинен жер майданларында жетистирилетуғын егин түрлери ҳәм олардың муғдарының турақлы мониторинги Жаслар ислери агентлигиниң «Жас фермерлер» платформасы арқалы әмелге асырылады.

Сондай-ақ, қарарға бола, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўден сатыўға шекемги шынжырды қамтып алатуғын жаңа система бойынша талапкерлерге төмендеги қоллап-қуўатлаў илажлары енгизиледи. Нәзерде тутылған шәртлерде ҳәм қаржылар шеңберинде талапкерлерге коммерциялық банклер тәрепинен 7 жылға шекемги мүддетке 100 миллион сумға шекем кредит ажыратылады.

Онда қарар шеңберинде барлық түрдеги кредитлерди «мәҳәлле жетилиги»ниң кепиллиги тийкарында ажыратыўға рухсат бериледи ҳәм олар кредитлердиң нәтийжелилиги ушын теңдей жуўапкер болады.

Талапкерлерге мини-техника, туқым ҳәм нәл сатып алыўында «Жаслар дәптери» қорынан 5 миллион сумнан субсидия, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорынан 33 миллион сумға шекем кредит ажыратылады

Орынлардағы 167 «Агроорайлар» арқалы жеке меншик секторды тартқан ҳалда туқым, нәл егиў, минерал төгин бериў, мини-техника ҳәм агроном  хызметлери жолға қойылады ҳәм жетистирилген өнимди сатып алыўға қайта ислеўшилер ҳәм экспорт етиўшилер бириктириледи.

Ш.Маматуропова,

ӨзА