Елимиздиң интеллектуаллық ресурсын беккемлеў ҳәм жоқары мағлыўматлы қәнигелерге болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде, 1976-жылы 1-сентябрьден баслап ашылған Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде республиканың социаллық-экономикалық ѳсиўине байланыслы жаңа қәнигеликлер ашылып, оларды сәйкес илимий педагог кадрлар менен тәмийинлеп келмекте.

Университеттиң туңғыш ректоры, академик Чаржаў Абдиров басшылық еткен дәўирде (1976-1985 жж.) жаңадан ашылған оқыў орнының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оны илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар менен толықтырыў, сабақлық ҳәм оқыў әдебиятлары менен тәмийинлеў, жаңа лабораториялар менен үскенелеў күн тәртибиндеги әҳмийетли машқалалардан бири еди. Бул жумысларды нәтийжели шөлкемлестириўде академик Чарджаў Абдировтың хызметлери айрықша болды. Жоқары оқыў орнының тез арада абырайының артыўына мүмкиншилик жаратып, жаңа басламаларға тийкар салыўда академик ѳзиниң жақсы шѳлкемлестириўшилик қәбилетин кѳрсете алды.

Филология илимлериниң докторы, Қарақалпақстаннан шыққан биринши академик, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы Қарақалпақстан ҳәм Беруний атындағы Ѳзбекстан мәмлекетлик сыйлықларның лауреаты Марат Нурмухамедов 1985-1986-жыллар аралығында усы университет ректоры болып ислеген ўақтында, Қарақалпақстанда илимниң раўажланыўында, илимий кадрларды таярлаўда, университеттиң орайлық ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынлары менен байланысларын кеңейтиўде оның хызметлери гиреўли болды.

Уллы шайыр ҳәм ойшыл, Әлийшер Наўайы «Адамлар бар, адамлардың нақшыдур» – дегениндей, академик ѳзиниң бойына сиңген жоқары инсаныйлық пазыйлетлери арқалы заманласлары қәлбинде мәңги сақланып қалды.

Университет ашылғаннан кейинги дәўирлерде 60 қа шамалас илим докторлары ҳәм профессорлар, 300 ден аслам илим кандидатлары ҳәм доцентлер ѳсип жетилискен.

Халқымыз арасынан жетилисип шыққан ер жүрек, журт мәпи ушын хызмет етип келген азаматларды бәрқулла мақтаныш етип тилге алып, оларды қәдирлеп келген. Университетте 1986-1988-жыллары ректор лаўазымында ислеген, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор Камал Мәмбетовтың да ылайықлы орны бар, әлбетте.

1992-жылдан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарары менен Т.Г.Шевченко атындағы Нөкис мәмлекетлик университети Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети болып қайта аталды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Өзбекстанда Ташкент, Самарқанд университетлеринен кейинги үшинши университет болып ашылған еди. Университеттиң ашылыўы пүткил республика тарийхында үлкен ўақыя болып, ол регионымыздағы илим ҳәм билимлендириў, мәденият, халық хожалығы ҳәм өндиристиң раўажланыўына түпкиликли тәсир жасады.

Ѳмирдеги орны да басқаларға ѳрнек болған, «Қарақалпақстан Республикасына хызмет кѳрсеткен илим ғайраткери», «Ѳзбекстан Республикасы Жоқары мектеби пидайысы» республика экономикасы, илими, билими ҳәм мәдениятының раўажланыўында, әсиресе халық хожалығының дерлик барлық тараўлары ушын жоқары маман кадрлар таярлаў сыяқлы ийгиликли ислерде тынымсыз мийнет еткен ел азаматларының бири Қуўанышбай Ѳтениязов 1988-2005-жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры лаўазымында табыслы иследи. Оның ҳәр тәреплеме билимли, ҳадал ҳәм талапшаң пазыйлетлери университет мийнет жәмәәти менен пүткил республикамызда айрықша тән алынды. Ол ҳүрметли педагог, кѳрнекли алым, тѳрели басшы, жәмийетлик искер сыпатында халықтың исенимине ерискен инсан.

Университеттиң екинши оқыў имаратының ҳәм студентлер турақ жайларының қурылыўы, Бердақ миллий музейиниң ашылыўы, университет жанынан филология илимлери бойынша дәслеп кандидатлық, соң докторлық диссертацияларды жақлаў бойынша Қәнигелестирилген кеңестиң дүзилиўи, аспирантура қәнигеликлериниң кеңейтилиўи, университет профессор-оқытыўшыларының шет еллерде тәжирийбесин жетилистириўи ушын мүмкиншиликлер жаратып бериў сыяқлы шөлкемлестириўшилик жумыслары профессор Қ.Өтениязовтың искерлиги нәтийжесинде әмелге асырылды.

Cол жыллар ишинде 40 профессор-оқытыўшы докторлық диссертациясын, 150 ден асламы кандидатлық диссертацияларын табыслы жақлады.

Инсан ѳз үстинде қанша изленсе, оның изленислери жақсы нәтийже берсе, кеўили кѳтерилип, ол үлкен бир руўхый күшке ийе болады. «Изленген имкан табады», – дегениндей билим дәргайында узақ жыллар даўамында изленип, жақсы нийет пенен алға умтылған инсанлардың бири, биология илимлериниң докторы, профессор Азат Матжанов болды. Ѳзбекстан халық билимлендириў ағласы, «Билимлендириў қәўендери» кѳкирек белгиси ҳәм «Дослық» ордени ийеси Азат Матжанов 2005-2012жыллары университет ректоры лаўазымында ислеген дәўирде тазадан магистратура қәнигеликлери ашылды, «Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети хабаршысы» илимий журналы шөлкемлестирилди.

Халық даналығында «Келешегинен үлкен үмит күткен халық ғана уллы қурылысларды әмелге асырады», – деп бийкарға айтылмаған. Республика кѳлеминде үлкен жаңаланыўлар, ѳзгерислер жүз берип, елимиз ѳзиниң ҳақыйқый раўажланыў жолына ерисип, айдын келешекке қарай қәдем ата баслады. Биология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасына хызмет кѳрсеткен жаслар устазы, Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы Муратбай Жуманов болса 2013-2017-жыллары усы университеттиң ректоры лаўазымында иследи. Оның басшылық еткен дәўиринде университеттиң материаллық-техникалық базасы байытылып, заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм технологиялар менен тәмийинленип, заман талабына сай жаңа қәнигеликлер ашылды.

2017-жылы июнь айында Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры лаўазымына жас, талантлы қәниге, техника илимлериниң докторы, академик, «Дослық» ордени менен сыйлықланған Ахмед Реймов тайынланды.

Бүгинги күнде университетте илим, билимлендириў ҳәм инновация бағдарларында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 6-июльдағы «2022-2026 жылларда Ѳзбекстан Республикасының инновациялық раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша шѳлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына 7-қосымша ретинде тастыйықланған «2022-2023-жылларда жоқары оқыў орынлары тәрепинен жаңа қолланба ҳәм технологияларды енгизиў жойбарларын әмелге асырыў бағдарламасы»нда университет тәрепинен жәми 950 млн. сумлық 4 жаңа қолланба ҳәм технологияларды жаратыў және енгизиў жойбарлары бойынша илимий-әмелий изертлеўлер әмелге асырылған.

Университетимиз абырайлы халықаралық рейтинг шѳлкеми «Times Hidger Education» кѳрсеткишиниң 2022-жыл ушын белгиленген Impact рейтингине (The Impact Rankings) кириў ушын даўагерлер ретинде Ѳзбекстан Республикасындағы 30 ға шамалас жоқары оқыў орынлары қатарында 7-орынды белгиледи.

Бул ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында келешекте QS (Quacquarelli Symonds) халықаралық рейтингке кириў де нәзерде тутылған. Соның менен бирге, 15 мыңнан аслам жоқары оқыў орынлары қатнасқан «Top Universities Ranking 2022» рейтингинде университетимиз 2543-орынды, Азия регионында 675-орынды, Ѳзбекстан Республикасы кѳлеминде 2-орынды ийелеген.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Азия университетлериниң 2023-жыл ушын «Top Universities Ranking 2023» рейтингинде Азияның топ мыңлығында ең күшли 701-750 ликке кирип, Орайлық Азияда 41-орынды ийелеген.

Бул рейтинг кѳрсеткишлеринде университеттиң арнаўлы бир баҳалаў критериялары яғный илимий мақалалар кѳширип алынғанлығы (цитируемость) бойынша 2-орынды ийелеген болса, социал-гуманитар тараўдың scopus базасындағы илимий журналларда мақалалар басып шығарыў кѳрсеткишинде 5-орынды, илимий дәреже ҳәм атақлар алыў бойынша Ѳзбекстан жоқары оқыў орынлары арасында 10-орынды ийеледи.

Университетте жас изертлеўшилердиң үлесин арттырыў, олардың илимий изертлеўлерин қоллап-қуўатлаў бойынша да көлемли жумыслар исленбекте.

Университеттиң 2 профессор-оқытыўшысы республика кѳлеминде «Инновациялық идеялар жетекшиси» кѳкирек белгиси ҳәм жас илимпаз «Ең жақсы жойбар атқарыўшысы» номинациясы бойынша сертификат ийелери болыўға ерисип, бир жас илимпаз Интеллектуаллық мүлк агентлиги тәрепинен ең жақсы интеллектуаллық мүлк объектлери ушын ѳткерилген «Best IP-2022» республика кѳлеминдеги таңлаўдың «Ең жақсы санаат үлгиси» номинациясы бойынша I дәрежели диплом менен сыйлықланды.

Жаслардың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, олардың илимий жумысын хошаметлеў бағдарында илимий ҳәм инновациялық жумыс, интеллектуаллық ойынлар ҳәм шет тиллерин үйрениўге бағдарлаў арқалы жаслардың қәбилетин раўажландырыў, уқыплы жасларды сырт елдиң абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға жибериў нәзерде тутылған.

Бүгинги күнде университетте жәми 987 профессор-оқытыўшылар болып, олардың 35 и илим докторы ҳәм профессорлар, 326 сы илим кандидатлары ҳәм философия докторларынан ибарат.

Ѳткен жылы университет профессор-оқытыўшыларынан 2 илим докторы (DSc) ҳәм 59 философия докторлары (PhD) диссертацияларын табыслы жақлап шықты.

Профессор-оқытыўшылар тәрепинен 67 монография, 10 ойлап табыў патенти, 47 электрон программалық бағдарламаларға авторлық гүўалықлары алынды ҳәм Scopus халықаралық мағлыўматлар базасындағы илимий журналларда 51 мақала, шет ел илимий журналларында 482, республика илимий журналларында болса 614 илимий мақалалар, жергиликли ҳәм халықаралық конференция материаллары жыйнақларында 1400 ден артық тезислер басылып шығарылды.

Соның менен бирге, университет жанында техника, биология, тарийх, экономика, филология ҳәм юридика пәнлери бойынша илимий дәрежелер беретуғын жәми 6 илимий кеңеслерде диссертацияларды қорғаў табыслы ѳткерилмекте. Және де шет ел филология, география пәнлери бойынша 2 илимий дәрежелер беретуғын қәнигелескен илимий кеңеслер дүзилип, университет жанында усы түрдеги кеңеслердиң саны 8 ге артты.

Сондай-ақ, инталы студентлеримиз тәрепинен ѳткен жылы бир қатар табыслар қолға киргизилип, 11 студент республика кѳлеминде, 15 студент халықаралық кѳлемдеги ҳәр қыйлы онлайн ҳәм дәстүрий пән олимпиадаларында жеңимпазлықты қолға киргизди.

Университетти заман талабына сай алдынғы жоқары оқыў орнына айландырыў – бүгинги күнниң әҳмийетли мәселеси болып қала береди.

М.Е.Толыбаев,

 КМУ «Археология» кафедрасы ассистенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги