Адамларға қолыңыздан келгенше жақсылық ислеў, кем тәмийинленген ҳәм көп балалы шаңарақларға жәрдем көрсетиў халқымызға тән болған әжайып пазыйлетлердиң бири. Бул ийгиликли ислерди бүгинги күни ертеңги келешегимиз болған жаслардың даўам еттирип атырғаны кең жәмийетшиликти қуўанышқа бөлейди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультети тьюторы Марқабай Ҳәкимов ҳәм тьюторға бириктирилген студент-жаслар Тақыятас районындағы «Балалар үйи» тәрбияланыўшыларының жағдайларынан хабар алды.

Онда тьютор ҳәм студент-жаслар бул жерде тәрбияланып атырған балалар менен ушырасып, оларға ҳәр түрли ойыншықларды саўға етти ҳәм күнделикли азық-аўқат өнимлерин тапсырды.

Илаж даўамында Тақыятас районындағы «Балалар үйи» шөлкеми  жәмәәти де тьютор ҳәм студент-жасларға өз миннетдаршылықларын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги