2024-жылы 3-апрель күни саат шама менен 17:00 лерде Қазақстан Республикасы, Ақтөбе ўәлаяты, Алгин районынан өткен республикалық әҳмийетке ийе «Самара-Шымкент» автомобиль жолыныӊ 678 км.де «Тоёта-Алҳпард» ҳәм «Волво» маркалы жүк автомобили қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси болған. Нәтийжеде, «Тоёта-Алҳпард» маркалы автомобильде болған жәми 8 Өзбекстан Республикасы пуқаралары алған дене жарақатлары нәтийжесинде ўақыя орнында қайтыс болған.

Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ тапсырмасына тийкарланып, бахытсыз ҳәдийседе қайтыс болғанларды Қорғаныў министрлигиниӊ арнаўлы ҳаўа борты арқалы ўатанға алып келиў ҳәм жерлеў мәресимлерин өткериў бойынша ҳүкимет комиссиясы дүзилип, керекли барлық зәрүр илажлар көрилмекте.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниӊ жуўапкерлери қазақстанлы кәсиплеслери менен турақлы байланыста болып, бахытсыз ҳәдийсениӊ келип шығыў себеплерин үйрениў бойынша биргеликте жумыслар алып бармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги