“Наўайы кән-металлургия комбинаты” акционерлик жәмийети – геология-излеў жумысларынан баслап, таяр биржа өнимлерин алғанға шекемги өндирис процесслерин әмелге асыратуғын санаат кластери болып табылады.
Бүгинги күнде комбинатта 47,5 мыӊнан аслам жумысшы (39 миллеттиӊ ўәкили) мийнет етпекте. Соннан 12,3 мыӊын жаслар, 11,8 мыӊын жоқары мағлыўматлы хызметкер, 6,2 мыӊын ҳаял-қызлар қурайды. Хызметкерлердиӊ көпшилиги жергиликли қәнигелерден ибарат. Кейинги жыллары комбинат алтын өндириси бойынша жетекши сырт ел компанияларыныӊ арасында 7-орыннан 4-орынға көтерилди.
Усы жылдыӊ 26-март күни ерте таӊнан “Наўайы кән-металлургия комбинаты” акционерлик жәмийети, “Наўайыуран” мәмлекетлик кәрханасы, “НКМК фонды” мәмлекетлик мәкемеси, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университетинен 100 жас “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеӊберинде “Арал тәғдири – келешек әўлад тәғдири” сүрени астында Арал теӊизиниӊ қурыған түбинде сексеўил нәллерин егиў акциясына белсене қатнасыў ушын республикамызға жол алды. “Өзбекстан бойлап саяхат ет” жойбары тийкарында шөлкемлестирилген илаж қатнасыўшылары дәслеп Хорезм ўәлаятыныӊ Үргенш қаласындағы уллы сәркарда Жалаладдин Мангубердиӊ естелигин, Хийўа қаласындағы тарийхый орынларды зыярат етти.
Буннан кейин республикамызға келип, Мойнақ районында сексеўил нәллерин егиў жумысларына қатнасты. Олар тәрепинен район орайынан 80 километр узақлықта жайласқан теӊиздиӊ қурыған түбине 100 мыӊ дана сексеўил нәли егилди.
Районлық мәденият бөлиминдеги музей менен танысты. Сондай-ақ “Кемелер қойымшылығы”нда, Арал теӊизиниӊ тарийхый музейинде болды.
Илаж қатнасыўшылары кәрхана жаслар жетекшилери Кеӊесиниӊ баслығы С.Ражабовтың басшылығында Мойнақ районындағы бир қатар мектеплерде болып, оқыўшылар менен сәўбетлести. Бул мектеплерге комбинат тәрепинен китаплар топламы саўға етилди.
–Президентимиздиӊ басламасы менен Арал теӊизиниӊ суўы қурыған түбинде “жасыл қапламалар”– қорғаныў тоғайлықларын пайда етиў бойынша ислепип атырған кеӊ көлемли жумыслар менен тек ғалаба хабар қураллары арқалы таныс едик,-дейди “Наўайы кән-металлургия комбинаты” акционерлик жәмийети хызметкери Ғайрат Меҳмонов.–Мыӊ мәрте еситкеннен бир мәрте көрген абзал, дегениндей, мине бул жердеги жумысларды өз көзимиз бенен көрип, оған үлесимизди қосып атырғанымыздан қуўанышлымыз. Район халқы бизди жақсы күтип алды. Ҳақыйқатында да Аралдыӊ қурыған түбинде де, район орайында да кеӊ көлемли жумыслардыӊ исленип атырғаныныныӊ гүўасы болдық. Теӊиздиӊ қурыўы нәтийжесинде жүзеге келген экологиялық машқала тек усы аймақ халқыныӊ ғана емес, ал бәршемиздиӊ машқаламыз болып табылады. Соныӊ ушын да аймақта “жасыл қапламалар”– қорғаныў тоғайлықларын пайда етиўге үлес қосыў ҳәммениӊ әдиўли миннети болып табылады.
Мийманлар Мойнақ районы ҳәм Нөкис қаласыныӊ дыққатқа ылайықлы орынларында, дүньяға белгили И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде болды. Әсиресе, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти тәрепинен Ш.Айтматовтыӊ шығармасы тийкарында сахналастырылған “Жәмийла” спектаклин мийманлар айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти.
“Өзбекстан бойлап саяхат ет” жойбары шеӊберинде шөлкемлестирилген бул илаж Наўайы ўәлаяты жаслары ушын есте қаларлық саяхат болып, олар бүгинги күнниӊ әҳмийетли машқаласы Арал теӊизи тәғдирине бийпәрўа емеслигин әмелде көрсетти.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы