Өзбекстанның жаңадан тайынланған айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодир Турғунов Саудия Арабстаны пайтахтына барды.

«Дүнья» хабарына бола, бул лаўазымға тайынланыўынан алдын ол 2021-2024-жыллары Жидда қаласында бас консул лаўазымында ислеген. 49 жасар дипломат Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институтын питкерген.

Мийнет жолын мектепте муғаллимшиликтен баслаған, жеке меншик структураларда аўдармашы сыпатында, сондай-ақ, Өзбекстан сырт мәмлекетлер менен дослық ҳәм мәдений-ағартыўшылық байланыслар жәмийетлери кеңесинде ислеген.

2016-жылдан берли СИМ системасында, Өткен жыллар даўамында Сыртқы ислер министрлигиниң Консуллық-ҳуқықый департаментинде түрли лаўазымларда жумыс алып барды. 2019-2021-жылларда Өзбекстанның Ақтаў қаласында (Қазақстан), 2021-2024-жылларда болса Жидда қаласында (Саудия Арабстаны) бас консулы болып ислеген.

Араб ҳәм рус тиллеринде сөйлесе алады.

Нодир Турғунов 2018-2024-жылларда Өзбекстанның Саудия Арабстандағы елшиси ҳәм бас резиденциясы Жидда қаласында жайласқан Ислам бирге ислесиў шөлкеминдеги турақлы ўәкили лаўазымларында ислеген Улуғбек Мақсудовтың орнына тайынланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги