Илимде баспасөз бетлеринде жәрияланған илимий мақалаларды хронологиялық ямаса белгили бир мәселелер дөгерегинде тәртиплестирген ҳалда өз алдына топлам сыпатында дүзиў пайдалы ҳәм жақсы дәстүр сыпатында қәлиплескен. Әсиресе, әдебиятшы илимпазлардың әдебий процесс ҳаққындағы илимий-сын мақалаларын бир пүтин ҳалында жыйнаўы ҳәм баспадан шығарыўы бул әдебияттаныў илими ушын үлкен жәрдем болады. Өйткени, илим менен шуғылланыўшыларға илимий-теориялық пикирлерди, методологиялық тийкарларды алыў ушын дәреклер қаншелли көбейген сайын соншелли жақсы.

Атап айтатуғын болсақ, ҳәзирги ўақытта әдебияттаныў илиминде жетекши илимпазлардың бири болған Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ әдебияты кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы Пердебай Нуржановтың «Әдебият ҳаққында ойлар» (2023) китабы баспадан шықты. Буннан алдын илимпаз «Дәўир талабы ҳәм көркем әдебият» (1993), «Сверяя с народной памятью» (1994), «Ғәрезсизлик дәўириндеги қарақалпақ прозасы» (2003), «Ҳәзирги қарақалпақ романы поэтикасы» (композициялық ҳәм жанрлық-стиллик өзгешеликлери) (2008), «Ҳәзирги қарақалпақ романы (сюжет ҳәм конфликт поэтикасы) (2009), «Әдебият ҳәм илим жолында» (2012), «Қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң көрнекли ўәкили» (2022) мийнетлерин, басқа авторлар менен биргеликте «Оқыў китабы» (2005), «Әдебият» (2008, 2013, 2018, 5-класс ушын), «Ғәрезсизлик дәўири қарақалпақ әдебияты» (2019), «Қарақалпақ әдебияттаныўы ҳәм әдебий сын тарийхы (2021, 2023) сабақлық, сабақлық-хрестоматиясы менен оқыў қолланбаларын, 250 ден аслам ҳәр қыйлы илимий, әдебий-сынлық мақалаларын баспадан шығарған еди.

«Әдебият ҳаққында ойлар» (2023) атамасындағы жаңа китабына болса автордың илимий, илимий-публицистикалық, әдебий-сын мақалалары киргизилген болып, оларда автордың әдебий мийрасымыз, әдебий процесс, қарақалпақ романы ҳаққындағы, сондай-ақ, әдебияттаныў ҳәм көркем сөздиң белгили тулғалары туўралы илимий-теориялық ой-пикирлери, жуўмақлары берилген. Топлам жоқары талғам менен дүзилгенлигин ондағы мақалалар белгили бир мәселелер шеңберинде тәртипли ҳәм бөлимлерге бөлинген ҳалда жайластырылғанлығынан аңлаўға болады. Оған муўапық, китап:

  1. Роман жанры мәселелери;
  2. Әдебий процесс;
  3. Әдебий мийрас;
  4. Әдебияттаныў мәселелери;
  5. Портрет атамасындағы бөлимлерден турады.

Илимпаздың илимдеги тийкарғы изертлеў бағдары болған роман жанры мәселелери қамтып алынған биринши бөлимде қарақалпақ әдебиятындағы дәслепки романлардан тартып, соңғы дәўирлерде дөретилген романлар ҳәр қыйлы илимий-теориялық, әмелий ҳәм сын характерде талқыға тартылады. Атап айтқанда, белгили жазыўшылар Т.Қайыпбергенов, Ш.Сейитов, А.Садықов, К.Рахманов, Қ.Мәтмуратов ҳәм К.Каримовлардың романлары идеялық-тематикалық, жанрлық-стиллик, баянлаў усылы ҳәм поэтикасы, ўақыт ҳәм кеңислик, сюжет ҳәм қаҳарман характери, образ жасаў шеберлиги ҳәм дәреклери, раўажланыў эволюциясы, тили, портрет поэтикасы сыяқлы мәселелер шеӊберинде илимий-теориялық ҳәм сын көзқарастан қарақалпақ әдебияттаныў илиминде бириншилерден болып талқыға тартылған. Мысалы, илимпаз конфликтлердиң қолланылыў өзгешеликлери бойынша изертлеўинде конфликттиң субъектив-психологиялық сүўретлеў усылы арқалы да ашылатуғынын, сондай-ақ, қарақалпақ романларында хронотопты бир пүтин система сыпатында үйрениўди қарақалпақ әдебияттаныўында дәслепки мәрте өзиниӊ илимий мақалаларында сөз етеди. Бул мәселелер туўралы П.Нуржанов илимий дөретиўшилиги ҳаққындағы әдебиятшы илимпазлар Қ.Жәримбетовтыӊ «Пердебай Нуржанов – қарақалпақ романын изертлеўши», Қ.Оразымбетовтыӊ «Тар ҳәм тайғақ соқпақлардан өтип», Сарыгүл Баҳадырованыӊ «Алпыстыӊ асқарына шыққан алым», З.Бекбергенованыӊ «Ҳәзирги әдебиятымыздыӊ әҳмийетли мәселелери – Пердебай Нуржановтыӊ изертлеўлеринде», Ж.Сағыйдуллаеваныӊ «Қарақалпақ романларында хронотоптыӊ изертлениў мәселеси», Ж.Қаниязованыӊ «П.Нуржановтыӊ изертлеўлеринде қарақалпақ прозасы мәселелери» тамасындағы мақалаларында кеӊ түрде сөз етилген (бул мақалалар филология илимлериниң докторы Пердебай Нуржановтыӊ 60 жыллық юбилейине бағышланған «Әдебиятшы алым – заманласлары нәзеринде» (2023) атамасындағы китаптан орын алған).

«Әдебий процесс» деп аталған екинши бөлимде әдебиятшы Пердебай Нуржанов өзиниң заманлас шайыр-жазыўшылары С.Баҳадырова, Е.Үсенов, А.Пахратдинов, Ш.Уснатдинов, Х.Дәўлетназаров, Т.Жийемуратов, С.Ибрагимов, Б.Генжемуратов, А.Абдиев, Ҳ.Өтемуратовалардың шығармаларын әдебий сынға тартады. Тийкарынан, проза ҳәм поэзияның ҳәр қыйлы жанрларын анализлеўди өз ишине алған бул мақалаларда автордың әдебияттаныў илими ҳәм әдебий сында комплексли билим ҳәм тәжирийбеге ийе екенлиги көринеди. Шынында да, бул көпшилик әдебиятшыларда ушыраспайды. Көбинесе, әдебиятшылар бир бағдарда изертлеўге түсип, соның шеңберинен шыға алмай жүреди. Ал, филология илимлериниң докторы П.Нуржановтың әдебияттаныўда ҳәм теориялық, ҳәм әмелий көнликпелерге ийе екенлигин бул топламды оқыған адам дәрриў сезеди.

Топламда кең масштаблы мақалаларды да ушыратамыз, әсиресе «Әдебий мийрас» деп аталған үшинши бөлимде автор түркий халықлар әдебиятының байтереги болған Әлийшер Наўайы ҳәм өзбек әдебиятының белгили ўәкили Айбек дөретиўшилигин, ХХ әсир қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң көрнекли ўәкили, илимпаз Н.Дәўқараевтың илимий мийнетлерин, белгили әдебий тулғалар Т.Жумамуратов, Д.Айтмуратов, К.Мамбетов, Т.Қайыпбергенов дөретиўшилигин тарийхый, теориялық, сын көзқарастан изертлейди. Аты аталған шайыр-жазыўшылардың шығармаларын үйрене отырып оларды әдебий мийрасымыздың бийбаҳа байлығы сыпатында баҳалайды. Сондай-ақ, қарақалпақ халқының тарийхын, тили ҳәм әдебиятын, мәдениятын, өзбек-қарақалпақ әдебий байланысларын «Миллийлигин көздиң қарашығындай сақлаған халық» темасындағы мақаласында кең көлемде жарытып береди.

Әдебияттаныў илиминде из қалдырған белгили әдебиятшы алымлар С.Ахметов, Қ.Мақсетов, Қ.Оразымбетов ҳәм басқа да бир қатар илимпазлардың илимий мийнетлерине «Әдебияттаныў мәселелери» деп аталған төртинши бөлимде шолыў жасалады. Соның менен бирге, бул бөлимде қарақалпақ әдебияты тарийхын, қарақалпақ лирикасын, роман ҳәм повестлерин жаңа көзқарастан үйрениў мәселелерине айрықша кеўил бөлинеди.

«Портретлер» атамасындағы соңғы бөлимде илимпаз қарақалпақ әдебияты ҳәм әдебияттаныўында үлкен из қалдырған тулғалар Сражатдин Ахметов, Гүлайша Есемуратова, Сарыгүл Баҳадырова, Дәўлен Айтмуратов, Ҳүсниддин Ҳамидов, Қурбанбай Жәримбетов, Кеңесбай Каримов, Минайхан Жуманазарова, Кеңесбай Алламбергенов ҳәм Қуўанышбай Оразымбетовлардың әдебий портретлерин көркем сөз арқалы жеткериўге ҳәрекет етеди.

Улыўма алғанда, бул топламдағы мақалаларды талқылаў ҳәм таллаўды бир мақала ишинде келтириў имкансыз. Баслысы, топламдағы мақалалар өз ўақтында авторитет дәреклерде, газета-журналларда, илимий-теориялық конференцияларда жарық көрген. Ондағы билдирилген баҳалы пикирлер бүгинги илим изертлеўшилери ушын таптырмас байлық десек болады. Оларды бир топламға жыйнаў ҳәм жарыққа шығарыў арқалы белгили әдебиятшы алым Пердебай Нуржанов келешек илим изертлеўшилерге үлкен саўаплы исти әмелге асырды. Шын мәнисинде көплеген жас илимпазлардың устазына ҳәм әдебият илиминде белгили тулғаға айланған илимпаздың бул китабын оқыўға кең жәмийетшиликти қызғын шақырып қаламыз.

Мухаммеддин БАЎЕТДИНОВ,

 ҚМУ таяныш докторанты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги