Президентимиздиӊ усы жыл 4-мартдаги “2024-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарары тийкарында Елликқала районында да кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Гөззаллық мәўсими болған бәҳәрде тәбият оянып, үлкемизге өзиниӊ жағымлы нәпеси менен кирип келди. Бул мәўсимниӊ келиўи менен инсанлар қоршаған орталықты тазалаўға, аймақты абаданластырыўға кириседи. Себеби, тазалық, пәклик бар жерде берекет болды.

Районныӊ барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында, кәрхана ҳәм шөлкемлерде улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги шөлкемлескенлик пенен басланды. Район халқы өзлери жасап турған аймақты абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыўға өзлериниӊ салмақлы үлеслерин қоспақта.


Атап айтқанда, “Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле– журт көрки” сүрени астында барлық мәкемелерде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, мийрим-шәпәәт көрсетиў бойынша “Әҳмийетли 10 күнлик” илажын өткериў белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги