БМШтың Нью-Йорк қаласындағы БМШ Ҳаял-қызлар жағдайы бойынша комиссиясының 68-сессиясы болып өтпекте.

Сессия жумысында Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияның баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы да қатнаспақта.

Абырайлы конференцияда дүнья мәмлекетлериниң тараўға жуўапкер парламент ҳәм ҳүкимет уйымлары, министрликлер ҳәм шөлкемлер, мәмлекетлик емес структуралар ҳәм пуқаралық жәмийет инстутларының ўәкиллери қатнаспақта.

Сессияда кәмбағаллықты сапластырыў, институтлар потенциалын ҳәм қаржыландырыўды күшейтиў арқалы гендер теңлигине ерисиў ҳәм барлық ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтиў, бул бағдарда Пекин декларациясы ҳәм Ҳәрекетлер платформасы жетилистирилиўиниң турмысқа енгизилиў мәселелери додаланбақта.

БМШ Ҳаял-қызлар шөлкеминиң мағлыўматларына бола, бүгинги күнде дүнья жүзи бойлап ҳаял-қызлардың 10,3 проценти оғада кәмбағаллықта жасайды. 2030-жылға барып Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын кәмбағаллықты сапластырыўдағы табыс 26 есеге тезирек болыўы керек.

Сонлықтан, конференцияда ҳаял-қызлардың кәмбағаллығын сапластырыў ҳәм гендер теңлигин арттырыўға жәрдем беретуғын ҳәрекетлерди ислеп шығыў ҳәм инвестицияларды тартыў мәселелерине итибар қаратылмақта.

Бул илажға таярлық көриў процесинде БМШ Ҳаял-қызлар шөлкеми кейинги 5 жылда Өзбекстанның гендер теңликке ерисиў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бағдарындағы көплеген унамлы нәтийжелерин итибарға алып, Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссиясы менен келискен ҳалда Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлериниң сессия бойынша мәсләҳәтлесиўлерин Ташкент қаласында өткерген еди. Илаж жуўмақлары бойынша ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларды социаллық қорғаў бағдарында бирден-бир позиция ислеп шығылды.

68-сессияда Орайлық Азия регионы ҳәм Әзербайжан атынан Олий Мажлис Сенатының Баслығы шығып сөйлеп, бүгинги күнде мәмлекетлеримиз саўда-экономикалық бирге ислесиўди жедел раўажландырып атырғаны, биргеликте инвестициялық жойбарлар әмелге асырылып атырғаны, гендер теңликти тәмийинлеў тараўында өз-ара бирге ислесиў ушын қолайлы шараятлар жаратылғанын атап өтип, бирге ислесиў бойынша улыўма көзқарасларды мәлим етти ҳәм бир қатар басламаларды алға қойды.

Атап айтқанда, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў ушын БМШтың «Жумыс орынларын жаратыў ҳәм социаллық қорғаўдың глобал акселераторы» шеңберинде глобаллық дәрежеде ҳаял-қызларды қорғаў бойынша нәтийжели илажлар көриў, оқыў бағдарламалары ҳәм оқытыў усылларына, сондай-ақ, STEM -билимлендириўге, әсиресе, аўыллық жерлерде гендер көзқарасын енгизиў усыныс етилди.

Сондай-ақ, аймақларда БМШ Раўажланыў бағдарламасы жойбарлары шеңберинде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары, әсиресе, аўыл ҳаял-қызлары ушын санлы билим дәрежеси ҳәм IT көнликпелерин арттырыў бағдарламаларын әмелге асырыўға жәрдемлесетуғын санлы сәйкессизликти сапластырыў бойынша нормативлик-ҳуқықый базаны тәртипке салыў керек екени айтып өтилди.

***

Сессия шеңберинде Сенат Баслығы Танзила Норбоева Швейцария Конфедерациясы Президенти Виола Амерд пенен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан ҳәм Швейцария бирге ислесиўин избе-из кеңейтиў, соның ишинде, сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм технологиялық тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Швейцария менен автомобиль қурылысы, тоқымашылық, фармацевтика, азық-аўқат санааты, шарўашылық, инфраструктура тараўларында 19 биргеликтеги жойбар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Бул көрсеткишти бир неше есеге арттырыў ушын еки мәмлекетте де үлкен потенциал ҳәм кең имканиятлар бар екени атап өтилди.

Парламентлераралық байланыслар бойынша бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды. Атап айтқанда, қәнигелестирилген комитетлер дәрежесинде байланысларды жеделлестириў, еки мәмлекет парламентлеринде дослық топарларын шөлкемлестириў бойынша пикир алысты.

Бир қатар тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша әмелий усыныслар алға қойылды. Атап айтқанда, гендер теңлик тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў, бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Арал теңизи регионындағы жағдайды жақсылаў бойынша социаллық әҳмийетке ийе бағдарламаларды әмелге асырыўда финанслық ҳәм техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де тәреплердиң дыққат орайында болды.

***

Сенат Баслығы Т.Норбоева Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ислери бойынша миллий комитети баслығының орынбасары, Пүткилқытай ҳаял-қызлар федерациясы баслығының орынбасары Хуан Сяовей менен де ушырасыў өткерди.

Онда мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиў, парламентлераралық байланысларды беккемлеў, кәмбағаллықты қысқартыў тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Басшы Си Цзиньпин арасындағы ашық ҳәм исенимли қатнасықлар көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм беккемлеў ушын беккем тийкар жаратқаны айрықша атап өтилди.

Тәреплер гендер теңлик тараўында биргеликтеги жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша пикир алысты. Бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойыў усынысы алға қойылды. Сондай-ақ, социаллық қорғаў ҳәм қамсызландырыў, халыққа мәнзилли жәрдем көрсетиў тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў, бул бағдардағы нызамшылық жумысын үйрениў бойынша бирге ислесиўге келисип алынды.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы