Қәдирли Ўатанласлар!

Ҳүрметли дослар!

Ең дәслеп, сиз, әзизлерди ­ шебер қурылысшыларды, архитектор ҳәм жойбарлаўшыларды, жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң ўәкиллерин ҳәм нуранийлерди, усы системаға тийисли барлық ўатанласларымызды елимизде туңғыш мәрте белгиленип атырған қутлы сәне ­ Қурылыс тараўы хызметкерлери күни менен шын жүректен қызғын қутлықлап, бәршеңизге терең ҳүрметимди ҳәм ийгиликли тилеклеримди билдиремен.

Оғада жуўапкершиликли ҳәм абыройлы кәсип болған қурылысшылық ҳаққында сөз етилгенде, бәринен бурын сизлердиң пидәкерлик мийнетиңиз бенен қәд көтерген үлкен кәрхана ҳәм комплекслер, ықшам турақ жайлар, алысымызды жақын ететуғын тегис жоллар менен  көпирлер, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият ҳәм спорт орынлары, абат қала ҳәм аўыллар көз алдымызда сәўлеленеди.

Бир сөз бенен айтқанда, бүгинги гөззал ҳәм абадан турмысымызды, елимиздиң келешектеги раўажланыўын қурылыс тараўынан, сиздей мәртебели кәсип ийелериниң мийнетинен ажыратқан ҳалда көз алдымызға келтире алмаймыз.

Әзиз дослар!

Ғәрезсизлик жылларында елимизде барлық салалар ҳәм тармақлар қатарында қурылыс тараўы да оғада үлкен ҳәм даңқлы раўажланыў жолын басып өткенин көплеген мысалларда көриў мүмкин.

Әмелге асырылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде беккем ҳуқықый-нормативлик, материаллық-техникалық базаға, үлкен кадрлар потенциалына ийе болған бул көп тармақлы тараў раўажланыўымыз локомотивлериниң бирине айланды, деп айтыўға бүгин барлық тийкарларымыз бар.

Ҳәзирги күнде елимизде 24 мыңға шамалас қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм 950 ден аслам жойбарлаў шөлкемлери, қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын 8 мың кәрхана жумыс ислемекте. Оларда түрли миллет ўәкиллери болған мың-мыңлаған тәжирийбели жумысшылар, инженер-техник хызметкерлер, қәнигелер жанкүйерлик көрсетип мийнет етпекте.

Соңғы он жылдың өзинде қурылыс тараўында инвестициялық жойбарлар шеңберинде 196 триллион 6 миллиард сумлық капитал қойылмалар өзлестирилгени, орайластырылған қаржы дәреклери есабынан 20 мыңнан аслам объект, соның ишинде, 7 мың 440 улыўма билим бериў мектеби, 1 мың 824 кәсип-өнер колледжи ҳәм академиялық лицей, 1 мың 951 балалар спорты комплекси, 949 емлеўхана ҳәм 3 мың 708 ишимлик суўы объекти қурылғаны, шет ел кредитлери есабынан 40 миллиард 3 миллион долларлық инвестициялық жойбарлар әмелге асырылғаны сизлердиң дөретиўшилик мийнетиңиздиң жәмийетимизге қандай үлкен пайда келтирип атырғанын айқын көрсетип тур.

Бүгинги күнде қала ҳәм аўылларымызда халықты заманагөй турақ жайлар менен тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли жумысларымыздың әҳмийетин халқымыз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди. Бул бағдарда қабыл еткен әҳмийетли бағдарламаларымыз әйне сизлердиң мийнетиңиз, шеберлигиңиз себепли өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылмақта ҳәм буны елимиздеги көплеген шаңарақ ийелери терең миннетдаршылық пенен атап өтпекте.

Соңғы он жылда 1 мың 308 аўыллық массивте үлги жойбарлар тийкарында 69 мың 557 ҳәр тәреплеме қолайлы турақ жайлар қурылып, 83 мың 500 шаңарақтың жасаў шараяты түп-тийкарынан жақсыланды.

Биз халқымыз, әсиресе, халықтың кем тәмийинленген қатламлары, жас шаңарақлар ушын қолайлылық жаратыў мақсетинде арзан ҳәм ықшам турақ жайлар қурыў бағдарламасын әмелге асырып атырмыз. Ҳәзирги күнде барлық ўәлаятларымыздың орайларында 191, Ташкент қаласының Сергели районында 102, аўыллық жерлерде болса 15 мың мине, усындай турақ жайлар жедел пәтлер менен қурылмақта.

Турақ жайлар, ҳәр қыйлы имаратлар ҳәм комплекслер менен бирге аймақларымызда социаллық инфраструктура объектлери, көше ҳәм майданлар, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары, билимлендириў, медицина мәкемелери, бағ ҳәм қыябанлар, фонтанлар, балалар майданшалары, дем алыў орынларының қурылып атырғаны адамлар ушын қосымша қолайлылықлар жаратпақта.

Сизлерге жақсы белгили, елимиз әййем-әййемнен қурылысшылық дәстүрлери менен дүньяға даңқ таратып келген. Мине, усы мәңгилик дәстүрлерди даўам еттириў ҳәм заманагөй архитектуралық жетискенликлер менен үйлестириў тийкарында өзбек қурылыс мектеби бүгинги күнде раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилмекте.

Қәдирли дослар!

Сизлерге белгили, елимизде 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде барлық тараўлар сыяқлы қурылыс саласында да түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети орайлық аппараты ҳәм усы бағдардағы шөлкемлердиң структуралық дүзилисин жетилистириў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў, жумысшылардың санын оптималластырыў, район ҳәм қала басқышларында штатларды көбейтиў сыяқлы кең көлемли жумыслардың барлығы, исенимим кәмил, тараўды раўажландырыўда жаңа шыңлар менен перспективаларды ашып береди.

Мине, усы мақсетлерден келип шыққан ҳалда, және бир әҳмийетли мәселе ­ тараўда тәжирийбели қәнигелер таярлаў сапасын арттырыўға, оқыў процесслерин қурылыс ҳәм жойбарлаў ислери менен тығыз байланыслы рәўиште алып барыўға айрықша итибар қаратылмақта. Сол тийкарда Ташкент архитектура-қурылыс институты ҳәм Самарқанд мәмлекетлик архитектура-қурылыс институты, сондай-ақ, тараў ушын кадрлар таярлайтуғын бир қатар кәсип-өнер колледжлери Комитет қарамағына өткерилди. Соның менен бирге, Ферғана ойпатлығында қурылыс тараўы ушын жоқары маманлықтағы кадрларға болған талапты есапқа алып, Наманган инженерлик-қурылыс институты шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, бүгин алдымызда қурылыс тараўында шешилиўи лазым болған бир қатар әҳмийетли мәселелер турғаны, оларға шешим табыў, ушырасқан машқалаларды өз ўақтында шешиў әҳмийетли турмыслық ўазыйпаларымыздан бири екенлигин жақсы аңлаўымыз зәрүр.

Атап айтқанда, елимизде беккем тийкарға ийе болған ҳәм ҳәр тәреплеме қәлиплескен заманагөй қурылыс индустриясын жаратыў, тармақтың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жәҳән стандартларына жуўап беретуғын бәсекиге шыдамлы қурылыс материалларын ислеп шығарыўды кеңнен жолға қойыў ҳәм бул бағдардағы жумысларды буннан былай да раўажландырыў, тараўға алдынғы технологияларды, методлар менен көз-қарасларды енгизиў, қала қурылысы бағдарында конструктив ҳәм архитектура-режелестириў шешимлерин оптималластырыў, капитал қурылыстағы сәйкес келмеўшиликлерге ҳәм машқалаларға шек қойыў, нәтийжесиз ислеп атырған жойбарлаў институтларының жумысларын түп-тийкарынан қайта шөлкемлестириў, заманагөй илим, мәлимлеме технологиялары, архитектура ҳәм дизайн жетискенликлеринен ақылға уғрас пайдаланыў процесин жеделлестириў, кадрлар потенциалын раўажландырыў сыяқлы кешиктирип болмайтуғын әҳмийетли мәселелер бүгин усы тараў ўәкиллериниң ҳәм жуўапкер басшылардың тийкарғы мақсетлеринен бирине айланыўы лазым. Бул ушын болса қурылыс саласында мийнет етип атырған барлық хызметкерлерден терең билим, жоқары кәсиплик шеберлик, излениў, инталылық ҳәм пидайылық сыяқлы пазыйлетлер талап етиледи.

Бундай ис-ҳәрекетлер, әлбетте, өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетеди. Сонда ғана дөретиўшилик жумысларымыздың сапасы ҳәм нәтийжелилиги артып, әзиз Ўатанымыз және де гөззал ҳәм абат болады.

Әзиз ҳәм ҳүрметли қурылысшылар, тараў хызметкерлери!

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге саламатлық, мәртебели жумысларыңызда ҳәм жеке турмысыңызда табыс ҳәм әўметлер, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, қут-берекет тилеймен.

Ҳеш қашан шаршамаң, машақатлы ҳәм абыройлы мийнетиңиздиң рәҳәтин көриң, әзиз дослар!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекистан Республикасы Президенти.