Ташкентте “Өзбекстан – 2030″ стратегиясында белгиленген мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти (МЖМШ) раўажландырыў мақсетлерине бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы минстрлиги ҳәм Халықаралық қаржы корпорациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген бул илажда мәмлекетлик уйымлардыӊ ўәкиллери, жергиликли ҳәм халықаралық қаржы институтларыныӊ экспертлери ҳәм инвесторлар қатнасты.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти кеӊесгөйи Равшан Ғуломов, Халықаралық қаржы корпорациясыныӊ Түркия ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша директоры Вибке Шлемер, Жәҳән банкиниӊ Орайлық Азия ҳәм Европа бойынша энергетика әмелияты менеджери Стефани Гил, АРБныӊ Өзбекстандағы турақлы ўәкилханасы директоры Канокпан Лао-Арая ҳәм басқалар мәмлекетимизде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм усы бағдарда халықаралық бирге ислесиўдиӊ әҳмийетине тоқтап өтти.

Бул дөгерек сәўбети ҳүкимет тәрепинен қойылған әҳмийетли мақсет ҳәм ўазыйпалар, халықаралық қаржы институтларыныӊ усыныслары ҳәм МЖМШ нызамшылығына киргизилген өзгерислерден келип шығып, МЖМШ тараўыныӊ Өзбекстандағы өзгериўшеӊ зәрүрликлерин есапқа алған ҳалда шөлкемлестирилди. Онда МЖМШ жойбарлары ушын жаӊа секторларды анықлаў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды, идеялар ҳәм стратегияларды алға қойыў, МЖМШ жойбарларыныӊ нәтийжелилигин арттырыў ҳәм санластырыўды раўажландырыўға итибар қаратылды.

– Мәмлекетимизде МЖМШ тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылғанын айтыў керек. Онда энергетика, деенсаўлықты сақлаў, мектеп билимлендириўи тараўларындағы жойбарларды атап өтиў мүмкин. Дөгерек сәўбетинде сырт елли бирге ислесиўшилер тәрепинен мәмлекетимиздиӊ мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бағдарындағы салмақлы жетискенликлери атап өтилди. Атап айтқанда, 2022-жылдан МЖМШ келисимлериниӊ саны 312 ден 1018 ге, баҳасы болса 17 миллиард АҚШ долларына жетти. Алдағы режелер болса және де үлкен. “Өзбекстан – 2030″ стратегиясында халықтыӊ жан басына ЖИӨ ҳәм дәраматты сезилерли дәрежеде арттырыўға қаратылған үлкен мақсетлер белгиленген. Оған бола, мәмлекетимизде 2030-жылға шекем 30 миллиард долларлық мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары әмелге асырылады. Оннан тысқары, түрли тараўларда МЖМШ жойбарларын ислеп шығыў ҳәм бул жойбарларды таярлаў механизмин жаратыў бойынша ис-ҳәрекетлер, сондай-ақ, жеке меншик сектор инвестицияларын тартыў ушын нормативлик-ҳуқықый ҳәм институционаллық базаны ислеп шығыў бул процессте оғада әҳмийетли, – деди Экономика ҳәм қаржы министрлиги Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў департаменти директоры Абдуқодир Ёқубов.

















Атап өтилиўинше, МЖМШ бағдарламасыныӊ қаржылай турақлылығын тәмийинлеў ҳәм МЖМШныӊ экономикалық өсиўин хошаметлеўдиӊ еӊ әҳмийетли факторы сыпатында мәмлекеттиӊ экономикалық стратегиясына интеграциялаў ушын беккем фискал базаға мүтәжлик бар. Бул бағдарда болса халықаралық бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе үлкен әҳмийетке ийе.

Соныӊ ушын илажда халықаралық тәжирийбе, мәсләҳәт ҳәм усыныслары менен қатнасқан абырайлы халықаралық шөлкемлердиӊ экспертлери ҳәм қәнигелериниӊ шығып сөйлегени ҳәр тәреплеме пайдалы болды.

Дөгерек сәўбетинде Халықаралық қаржы корпорациясыныӊ Түркия ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша директоры Вибке Шлемер ханым Өзбекстанда қысқа мүддетте МЖМШ тийкарында әмелге асырылған жумысларды жоқары баҳалады.

– Бүгинги дөгерек сәўбетинде мәмлекетиӊизде мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў мәселесине айрықша пәт ендирилди. Бул тиккелей “Өзбекстан – 2030″ стратегиясы шеӊберинде талланды. Әлбетте, “Өзбекстан – 2030″ стратегиясы мақсетлерине ерисиў ушын МЖМШ оғада әҳмийетли. Дөгерек сәўбетиниӊ ашылыўында атап өтилгениндей, мәмлекет алдында үлкен мақсет турыпты. 2030-жылға шекем МЖМШ жойбарлары арқалы 30 миллиард инвестиция киргизиў керек. Өзбекстанда МЖМШтыӊ тарийхы оғада қысқа, тек ғана 5 жыл. Соған қарамастан, бул тараўда жүдә үлкен табысларға ерисилген. Атап айтқанда, 400 инфраструктура жойбарын әмелге асырыў ушын 17 миллиард доллар инвестиция киргизилген. Итибарлы тәрепи, мәмлекетиӊизде бул жумысларды орынлаў ушын тийкар бар. Бул – МЖМШ бойынша нызам, нызамнан келип шығатуғын ҳәм тәртипке салатуғын ҳүжжетлер. Барлығынан ақылға сай пайдаланып, биз “Өзбекстан – 2030″ стратегиясында белгиленген МЖМШ жойбарларын әмелге асырыўға өз үлесимизди қосып барыўымыз керек, – деди Вибке Шлемер ханым.

Сондай-ақ, дөгерек сәўбетинде қатнасыўшылар мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасындағы бирге ислесиўди даўам еттириў, МЖМШ жойбарларын таярлаў ушын қаржы ресурсларынан пайдаланыўды жақыслаў ҳәм олар ушын және де қолайлы нормативлик-ҳуқықый орталықты жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Илаж жуўмағында Өзбекстанды раўажландырыўдыӊ стратегиялық мақсетлерине ерисиў жолында салмақлы қәдем қойылғанынан дәрек беретуғын бир қатар әҳмийетли шәртнамаларға қол қойылды.


Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзА