Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте 2024-жыл 2-февраль куни “Алимент ɵндириў менен байланыслы машқалалы орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын  тǝмийинлеўге қаратылған комплексли илажлар белгилеў ҳǝм усындай шаңарақларда тәрбияланып атырған балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мǝплерин қорғаўға қаратылған қосымша ўазыйпалар” ҳаққында биргеликтеги бийлиги тастыйықланған болып, усы тийкарда бир қатар жумыслар ǝмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, усы жылдың февраль айы даўамында алып барылған илажлар даўамында Мǝжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳǝм районлық бɵлимлери ис жүргизиўинде болған алимент ɵндириў менен байланыслы 1 мың 675 машқалалы орынлаў ҳүжжетиниң 342 ҳүжжети үйренилип, солардан 589 миллион сумлық алимент пулы жас өспирим перзентлердиң тǝмийнаты ушын ɵндириўшилерге ɵндирилип берилди.

Сондай-ақ, дүзилген жумысшы топар ағзаларының араласыўы менен 28 ажырасқан жас шаңарақлар жарастырылып, 139 алимент тɵлеўши қарыздар турақлы жумыс пенен тǝмийинленген. 12 ɵндириўшиниң 14 жас өспирим перзентиниң ден саўлығы тикленип, дɵгереклерге қатнастырылды ҳǝм оқыў қураллары менен тǝмийинленди.

Жǝрдемге мүтǝж болған ер жетпеген перзентин материаллық жақтан тǝмийинлеўден қастан бас тартып жүрген қарыздарларға да нызамлы шаралар кɵрилмекте. Мǝселен, Пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының 2021-жыл 19-ноябрьдеги суд буйрығына тийкарланып М.Джуманов жас өспирим еки перзентиниӊ тǝмийнаты ушын ҳǝр айдағы жǝми дǝрамадының 3/2 бɵлеги муғдарында алимент тɵлеўи тийислиги белгиленген.

Усы суд буйрығы Мǝжбүрий орынлаў бюросы Хожели районлық бɵлими ис жүргизиўине келип түсип, бɵлим хизметкерлери тǝрепинен қарыздар М.Джумановқа алимент пулларын ɵз ўақтында тɵлеп барыўы кереклиги, сондай-ақ оны тɵлемеўдиң ақыбети ҳаққында бир неше мǝрте ескертиў берилиўине қарамастан, қарыздарлығы 32 миллион сумнан асып кеткен.

Сол себепли, Мǝжбүрий орынлаў бюросы Хожели районлық бɵлими тǝрепинен қарыздарға байланыслы жуўапкершилик мǝселесин шешиў ушын ис ҳүжжетлери топланып, Жынаят ислери бойынша Хожели районы судына жиберилген. Суд тǝрепинен қарыздар М.Джумановқа қарата Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиӊ 474-статьясына тийкарланып 15 сутка ҳǝкимшилик қамақ жазасы қолланылып, қарыздар тиккелей суд залынан қамаққа алынды.

Ҳǝзирги күнде алимент ɵндириў менен байланыслы машқалалы орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын тǝмийинлеўге қаратылған илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги