Елимизде билимлендириў тараўына  айрықша итибар қаратылып, перзентлеримиздиң терең ҳәм заман талаплары тийкарында билим алыўы ушын бир неше қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Республикамызда усы тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар менен кеңирек танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Гүлистан Кожабаева менен сәўбетлесиў өткердик.

 

-Дәслеп, республикамызда  усы тараўда әмелге асырылып атырған жумысларға кеңирек тоқтап өтсеңиз.

-Министрлигимиз қурамында  жәми 2500 билимлендириў мәкемелери болып, соннан , 722 мектеп (4 арнаўлы мектеп-интернат, 2 санатория типиндеги мектеп –интернат), 18 «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери, 1760  мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып, олардың 473 и мәмлекетлик, 10 ы жеке меншик, 99 ы мәмлекетлик- жеке меншик шериклик тийкарындағы ҳәм 1178и шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қурайды.  Сондай-ақ, республикамызда қәнигелестирилген билимлендириў агентлигине қараслы 15 қәнигелестирилген мектеп, 3 мектеп-интернаты жумыс алып бармақта.  Соның менен бирге жәми 6 мәмлекетлик емес жеке меншик улыўма орта билим бериў мектеплеринде келешегимиз болған жас әўладқа тәлим-тәрбия  берилмекте.  

Билимлендириў тараўындағы бар машқалаларды анықлаў ҳәм олардың шешимин табыў мақсетинде жол картасы ислеп шығылып,ол  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы тәрепинен тастыйықланды ҳәм усы тийкарда жумыслар алып барылмақта.  Мақтаныш ететуғын тәрепи, бул  жол картамыз Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинде Қарақалпақстан Республикасы тәжирийбеси болып енгизилип атыр. Сондай-ақ, републикамызда биринши мәрте «KK. Bilim.Uz»  платформасы  тәжирийбе усылында  енгизилмекте. Бундағы мақсет, барлық билимлендириў мәкемелериниң арасында саламат бәсекени қәлиплестириў. Яғный бул платформада мектеплердеги барлық мағлыўматлар жайластырылып барылады. Буны биринши мәрте Әмиўдәрья районында сынап көрдик, яғный мектеп муғаллимлери ҳәм оқыўшылардан тест сынақлары алынып, ондағы мағлыўматлар платформаға жайластырылады.

Президентимиздиң билимлендириў тараўына аталық ғамқорлығы тийкарында бүгинги күнде муғаллимлердиң мәртебесин арттырыў ҳаққында Нызамның шығарылыўы тарийхый ўақыя болды. Бул муғаллимлеримизге үлкен қуўаныш пенен бирге айрықша ўазыйпа жүкледи деп есаплаймыз. Себеби, муғаллимлердиң абырайын арттырыў мақсетинде  Президентимиз тәрепинен бир неше қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди. Усы илажлардың айқын мысалы ретинде муғаллимлеримиз мәжбүрий мийнеттен азат етилди. Бул ҳаққында Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясындағы баянатында да атап өткен еди.  Бурынлары муғаллимлеримиз пахта жыйын-терими жумысларына қатнасатуғын еди. Сондай-ақ, мәжбүрий газета-журналларға жазылыўға да шек қойылды.

Журтбасшымыз тәрепинен  педагоглардың мийнет ҳақысын көбейтиўге дыққат-итибар қаратылып, муғаллимлеримиз миллий сертификатқа ийе болса шет тили пәни муғаллимлериниң мийнет ҳақысына 50 процент, егер халықаралық сертификатқа ийе болса 100 процент үстеме қосылатуғын болды. Математика пәни муғаллимлериниң мийнет  ҳақыларына 50 процентке шекем үстеме қосылыўы,  муғаллимлеримиздиң мийнетиниң жоқары баҳаланыўы болып табылады. Сондай-ақ, быйылғы жылды мектеп билимлендириўи тараўы ушын қурылыс жылы деп атасақ-та болады. Себеби, усы жылға белгиленген инвестициялық бағдарламада жаңадан 35 мектеп ҳәм 8 мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери қурылады. Оған қосымша және Ислам Раўажланыў Банки тәрепинен 14 жаңа қурылысқа да руқсат берилди.  Булардың барлығын билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлық деп билемиз.

 -Мектеп оқыўшыларын сабақлықлар менен толық тәмийинлеў елеге шекем машқала болып келмекте. Сондай-ақ, сабақлықлардағы орын алып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыў мәселеси қалай шешилмекте?

-Бул бағдардағы машқалалар үйренилип, мектеп китапханаларына китаплар басқышпа-басқыш жеткерилип берилмекте. Сабақлықлардағы ушырасып атырған қәте-кемшиликлер анықланып, бул бойынша да тийисли қәнигелер жумыс алып бармақта. Яғный, мектеп сабақлықларын басып шығарыў ҳәм аўдарма жумыслары методикалық орай тәрепинен алып барылады. Сабақлықларды қарақалпақ тилине аўдарғанда мәнисине қарамастан сөзлерди тиккелей аўдарыў усындай машқалаларды көбирек келтирип шығармақта. Мәселен, математика пәни сабақлығында усындай себеплерден қәте-кемшиликлер көзге тасланып, мазмуны өзгерип кетпекте  ҳәм   жуўапкер қәнигелердиң итибарсызлығына бола ҳәриплердиң орын алмасып кетиў жағдайлары да ушыраспақта. Бул  бойынша тийисли орынларға мүрәжат еткенбиз.  Мәселе унамлы шешилип, келеси жылы сабақлықларды қәте-кемшиликлерсиз шығарыў мақсетинде аўдарма ислеў ҳәм редакторлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы  мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен  қәнигелер бекитилди.

-Алыс аймақлардағы мектеплерди қәнигелер менен тәмийинлеў, халықаралық бирге ислесиў дәрежеси қалай болмақта?

-Арнаўлы қарарға муўапық алыс аймақларда  жайласқан мектеплердеги муғаллимлерге болған зәрүрликти қаплаў мақсетинде 2023-2024-оқыў жылында 19 оқытыўшы жумысқа жайластырылып, базалық есаплаўдың 50 есеси муғдарында бир мәртелик басланғыш жәрдем пуллары төлеп берилди ҳәм  бүгинги күнде оларға турақ жайларды ижараға алғанлығы (ижарада турғанлығы) ушын ҳәр айда базалық есаплаў муғдарыныӊ еки есеси муғдарында компенсация пуллары төлеп келинбекте.

Халықаралық бирге ислесиў бойынша быйыл тараўда тарийхый ўақыяға тийкар жаратылмақта. Яғный, жақында Кембридж халықаралық эксперти Стив Кинг республикамызда болып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы А. Орынбаев пенен ушырасты. Ушырасыўда билимлендириў тараўында инновациялық жаңаланыўларды, улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша сөйлесилди. Өзбекстан Республикасында биринши мәрте Нөкис қаласындағы 46-санлы улыўма билим бериў мектебинде  (Прогресс) халықаралық тән алынған Кембридж оқыў бағдарламасы тийкарында оқыў процесин жаңа оқыў жылынан баслап жолға қойыў режелестирилмекте. Сондай-ақ, 2023-жылы 28-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм «Hayot yo’li education» ЖШЖ арасында өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Бунда улыўма билим бериў мектеп оқыўшылары барлық пәнлерден абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларына кириў ушын олимпиада имтиханларын тапсырыў бойынша бирге ислесиўге келисилди.  Бирге ислесиўдиң тийкарғы мақсети -қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлап, Россияның ең күшли «ТОП-1000» дизимине кирген мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириў ҳәм  жас әўладтың заманға сай жетик қәниге болып жетилисиўи ушын имканиятлар жаратыў болып табылады.

-Республикамызда мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў  мәкемелериниң жумыс баслағанына да бираз ўақыт болды. Оларда  балаларды  қамтып  алыў  көрсеткиши  ҳәм алып барылып атырған жумыслар  мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине салыстырмалы түрде қандай көрсеткишке ийе болмақта?

-Ҳақыйқатында да республикамызда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң шөлкемлестирилгенине бираз ўақыт болды. Нәтийже жаман емес. Олардың саны еле де артып бармақта. Бул мәкемелерде жумыстың жақсы жолға қойылып, көплеген тәрбияланыўшыларды қамтып алып атырғанлығынан көриўимизге болады.  Ҳәзирги ўақытта республикамызда мәмлекетлик  472  балалар бақшасы болып оларда 80 998 бала тәрбияланып атырған болса ,  1288   мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде 38507  бала тәрбияланбақта.

-Соңғы ўақытлары мектеплерде оқыўшылардың сабаққа қатнасын бақлаў жумыслары тереңлестирилип алып барылмақта. Яғный, миллий гвардия хызметкерлери не ушын мектеплерде нәўбетшиликте турмақта. Оқыўшының сабаққа қатнасын күшейтиў мақсетинде ата-аналар менен де шәртнамалар дүзилип атыр. Бул бойынша түсиник берип өтсеңиз?

-Оқыўшылардың оқыўға қатнасын дурыс жүргизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң буйрығы шығарылып, оған қосымша ис-реже ислеп шығылған. Бундағы мақсет-мектеплерде оқыўшылардың сабаққа қатнасын турақлы тәмийинлеў ушын мектеп жәмәәти, ата-ана, мәҳәлле, милий гвардия менен  биргеликте жумыс алып барыўы жолға қойылмақта. Ҳәзир тәжирийбе усылында алып барылып атырған илажлар өзиниң жақсы нәтийжесин көрсетпекте.

Алдағы ўақытлары билимлендириўдиң сапасын арттырыў, тәлим-тәрбия жумысларын жетилистириў, педагоглардың потенциалын жоқарылатыў, билимлендириў мәкемелеринде саламат орталықты жаратыўға қаратылыған илажлар даўам етип, келешегимиз болған жас әўладты Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм олардың билимли инсанлар болып жетилисиўин тәмийинлеўге бар дыққат-итибар қаратылады. Себеби, ҳәр қандай сапалы билимлендириў келешекке исенимли  тийкар жаратады.

 

Сәўбетлескен:  Г.Турдышова,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы