Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшылары менен биргеликте, «Мениң Конституциям-31 жаста» сүрени астында,  «Мениң Конституциям ҳәм мәмлекетлик тилим» атамасында ғалабалық диктант өткерилди.

Онда барлық суд аппараты хызметкерлери белсене қатнасып, өзлериниң жазыў шеберлиги менен бирге саўатлылығын, имла қағыйдаларын дурыс қоллана алыў бағдарындағы қәбилетлерин сынақтан өткерди.

Өткерилген диктант жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының бас консультанты Б.Есенбаев биринши,  судтың кеңсе меңгериўшиси З.Раимова екинши, судья аға жәрдемшиси З.Аяпова 3-орынды ийелеўге миясар болды ҳәм жеңимпазларға арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.