Саудия Арабстаны компаниясы Өзбекстанда транспорт тараўындағы инфраструктура жойбарларында қатнасыў имканиятларын үйренбекте.

Транспорт министрлигинде Саудия Арабстанының Vision Invest компаниясы президенти Омар Али Мидани басшылығындағы делегация ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Транспорт министрлигиниң мағлыўматына бола, сөйлесиў даўамында мәмлекетте әмелге асырылыўы режелестирилген жол хожалығы ҳәм транспорт тараўындағы инфраструктура жойбарлары, бул жойбарларды әмелге асырыў механизмлери додаланды.

Vision Invest компаниясының ўәкиллери аймақлық аэропортларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик (МЖШ) шәртлери тийкарында раўажландырыўға қаратылған перспективалы жойбарларда қатнасыў имканиятларын көрип шығатуғынын билдирди.

Ушырасыў даўамында, сондай-ақ, бир неше жойбарлар бойынша презентациялар өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги