4-декабрь күни Өзбекстан елшиси Нодир Ғаниев Швеция сыртқы ислер министри Тобиас Билльстрём менен ушырасты.

Сәўбетлесиў барысында соңғы жылларда еки тәреплеме қатнасықлар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Швеция СИМ басшысы Стокгольмде Өзбекстан елшиханасы ашылғанын ҳәм дипломатиялық миссия басшысы лаўазымына кирискенин алғыслады.

Тәреплер таў-кән санааты, телекоммуникация, денсаўлықты сақлаў, инновациялық технологиялар, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм шығындыларды қайта ислеў тараўларында Өзбекстан-Швеция бирге ислесиўи мәселелери бойынша пикир алысылды.

11-декабрь күни Стокгольмде болып өтетуғын СИМлераралық сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң үшинши раунды өз-ара пайдалы барлық тараўларда Өзбекстан- Швеция бирге ислесиўин және де беккемлеўге исеним билдирилди.

Ушырасыў жуўмағында министр елшиге Өзбекстан-Швеция қатнасықларын раўажландырыў бағдарындағы жумысына табыслар тиледи.

Еслетип өтемиз, 9-ноябрь күни Стокгольм қаласында Өзбекстан елшиси Нодир Ғаниевтиң Швеция патшасы Карл XVI Густавқа исеним жарлығын тапсырыў салтанатлы мәресими болып өтти.

2022-жылы Швеция пайтахтында ашылған дипломатиялық ўәкилхана мәмлекетимиздиң сырт елдеги 36-елшиханасы болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги