Қарақалпақстан мусылманлары қазыятында тараў қәнигелерин “Диний кеңпейиллик” кѳкирек белгиси ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов шығып сөйлеп,  мәмлекетимизде диний тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў, оларға жетерли шараят жаратыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, ғәрезсизлигимиздиң дәслепки күнлеринен баслап ислам динин үйрениўге, оны илимий изертлеўлерге кең мүмкиншиликлер жаратылды. Муқаддес динимизге, диний шөлкемлерге кең жол ашып берилди.  Президентимиз тәрепинен тараў қәнигелерин қоллап-қуўатлаў, оларды хошаметлеў илажлары шѳлкемлестирилмекте.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Аҳмедова, Ѳзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы қәнигелери Н.Жамалов, Қ.Аллахов, имам-хатиблер И.Шерниязов, А.Матсапаев, Беруний районы бас атынайысы Э.Қурбанбаева, Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресеси оқытыўшысы Ж.Ишаевлар “Диний кеңпейиллик” кѳкирек белгиси менен, нураный имамлардан М.Абдираззақов, Н.Айимбетов, Т.Саидовлар, Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журтының талабалары Р.Оразбаев, О.Балтабаев, Ҳ.Каримхонов ҳәм А.Исмаиловлар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң “Ҳүрмет жарлығы” ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.