Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманында Әдиллик министрлиги, Есап палатасы, «Тараққиёт стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети менен биргеликте, Раўажланыў стратегиясы менен мәмлекетлик бағдарламалардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаўын системалы мониторинг етиў ўазыйпалары белгиленген.

Соның менен бирге, усы пәрманда Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топарларды шөлкемлестириў ҳәм системалы түрде жәмийетлик тыңлаўларды өткерип барыў белгиленген.

Жоқарыдағы көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жылдың 6-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинде «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен жәмийетлик тыңлаў өткерилди.

Жәмийетлик тыңлаўда «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы 2023-жыл 28-февральдағы Президент пәрманының 8-в бәнтине муўапық, «2023-2024-оқыў жылынан баслап Республиканың барлық ўәлаятлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласында баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеўди жолға қойыў» ўазыйпасы бойынша Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған жумыслардың орынланыў барысы додаланды.

Жәмийетлик тыңлаўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, мектеп директорлары, Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топар ағзалары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, сиясий партиялардың ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов алып барды.

Жәмийетлик тыңлаўда баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында  Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Гүлистан Қожабаева ҳәм басқа тийисли тараў  ўәкиллериниң есабатлары тыңланды.

2023-2024-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасындағы 718 улыўма орта билим бериў мектеплериндеги 147387 баслаўыш класс оқыўшы кейтеринг шөлкемлери тәрепинен бийпул азық-аўкат пенен тәмийинлениўи белгиленген.

Улыўма билим бериў мектеплериниң баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул кейтеринг усылында аўқатландырыў мақсетинде, кейтеринг шөлкемин таңлап алыў бойынша Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик сатып алыў ҳаққында»ғы Нызамы талапларына муўапық, сатып алыў тәртиплерине тийкарланып таңлаў өткериў ушын ғалаба хабар қураллары арқалы дағазалар берилген.

Оқыўшыларды бир мезгил азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўдиң орташа баҳалары бир бала ушын 5150 сумға шекем, жеткерип бериўши тәрепинен көрсетилген хызметлер бойынша үстеме муғдары салықлар ҳәм жеткерип бериў қәрежетлерин есапқа алған ҳалда 20 процентке шекем етип есапланған.

Қарақалпақстан Республикасында әмелдеги 718 улыўма билим бериў мектеплери аймақлар кесиминде 103 лотлар тийкарында 2023-жыл 28-август күни e-tender.uzex.uz веб сайтына жайластырылған.

Жеңимпаз кейтеринг шөлкемлери менен шәртнамалар дүзилген. Кейтеринг шөлкемлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети ҳәм  Мектепке шекемги ҳәм мектеп билмлендириўи министрлиги менен биргеликте тастыйықланған «Улыўма билим бериў мектеплериндеги 7-11 жастағы оқыўшыларды саламат аўқатландырыў ушын мөлшерленген 5 күнлик тағамнама» тийкарында улыўма орта билим бериў мектеплеринде баслаўыш класс оқыўшыларын азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта.

Жәмийетлик тыңлаў қатнасыўшылары баянатшыларға өзлерин қызықтырған сораўларын берди.

Жәмийетлик тыңлаўда көтерилген мәселелер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша сектретариаты қәнигеси Е.Айтниязов, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң бас қәнигеси Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги  қәнигеси С.Хабипов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетлик бағдарламада көрсетилген баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқат менен тәмийинлеў ўазыйпасының орынланыўы бойынша өткерилген жәмийетлик мониторинги жуўмақлары, баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Тийкарғы мақсет – мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын жәмийетлик қадағалаў тийкарында үйрениў, жәмийетлик тыңлаўда додалаў сол арқалы жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыўдан ибарат.

Алдағы ўақытлары басқа тараўларда да усындай жәмийетлик тыңлаўлар өткерилип, оның жуўмағы тийисли тармақ басшыларының қатнасыўында додаланып барылады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.