Президент Шавкат Мирзиёев аймақлар экономикасы, әҳмийетли социаллық бағдарламалардың орынланыўы менен танысыў мақсетинде Сурхандәрья ўәлаятына жөнеп кетти.

Сапардың бағдарламасы кең көлемли. Экономикалық бағдарда газди қайта ислеў, гидроэнергетика, былғары санааты, аўыл хожалығы, исбилерменлик жойбарлары көзден өткериледи. Социаллық тараўларда ишимлик суўы тәмийнаты, мәҳәлле системасы, денсаўлықты сақлаў, жаслар мәселелерине итибар қаратылады.


ӨзА