Американыӊ Конституциялық ҳуқық ҳәм инсан ҳуқықы орайы – “Center for Constitutional Rights” дүйшемби күни палестиналылар атынан Палестина-Израил қарама-қарсылығы бойынша Израилға жәрдем бергени ушын АҚШ Президенти Жо Байден, мәмлекет хаткери Энтони Блинкен ҳәм Пентагон басшысы Ллойд Остинниӊ үстинен судқа жазба мүрәжат етти. Арзада “жуўапкерлер” Газа секторында зорлық-зомбылықты қоллап-қуўатлап атырғаны  атап өтилген.

– АҚШ Израилға қурал жеткерип бериў ҳәм бул мәмлекетти дипломатиялық қорғаў жолы менен анклавта зорлық күшейиўине тиккелей жәрдемлеспекте,- делинген орай сайтында жәрияланған хабарда. – АҚШ бул ҳәрекети менен геноцидлик жынаяттыӊ алдын алыў ҳәм усындай қылмысқа жаза белгилеў ҳаққындағы Конвенцияныӊ 1-стаьясыныӊ шәртин бузбақта.  Байден, Блинкен ҳәм Остинниӊ үстинен судқа арза тапсырылды. Олар Израилға тәсири бола тура, геноцидтиӊ алдын алмады.

 ӨзА