“2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасыныӊ Мәмлекетлик бюджет ҳаққында” ғы нызам жойбары жәмийетшилик додалаўына қойылды.
Оған, бола 2024-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 270,3 триллион сум, қәрежетлери болса 279,6 триллион сум муғдарында белгиленбекте.
2024-жыл ушын жалпы ишки өним 1 квадриум 301 триллион сумды қураўы прогноз етилмекте. Усы жылы жалпы ишки өнимниӊ өсиў пәти прогнозы болса 5,6-5,8 процентти қурайды. Бул нызам 2024-жыл 1-январьдан баслап күшке киреди.
Атап өтилиўинше, консолидацияласқан бюджет дефицитиниӊ шекленген муғдарын жалпы ишки өнимниӊ 4 проценти муғдарында белгилеў усыныс етилмекте.
Бюджет дефицитиниӊ жоқары шегарасы 52,5 триллион сумға яки жалпы ишки өнимге салыстырғанда 4 процент муғдарда белгиленбекте.
2024-жыл ушын жалпы ишки өним 1 квадриум 301 триллион сумды қураўы прогноз етилмекте. ЖИӨ өсиў пәтлери прогнозы – 5,6-5,8 процент.
Өзбекстан Республикасы атынан ҳәм Өзбекстан Республикасыныӊ кепиллиги астында сыртқы қарызларды тартыў бойынша жыллық қол қойылатуғын жаӊа келисимлердиӊ шекленген көлеми 5 миллиард доллар етип белгилеў усыныс етилмекте.
Ш.Маматуропова, ӨзА