Бүгин Қытайдың Ханчжоу қаласында өткерилип атырған Паразия ойынларының төртинши күнинен орын алған беллесиўлер өз жуўмағына жетти.

Болып өткен жарыслар жуўмағы бойынша Өзбекстан спорт делегациясының улыўма ийелеген медальлар саны 62ге жетти. Соның ишинде мәмлекетимиз ўәкиллери тәрепинен 20 алтын, 19 гүмис ҳәм 23 қола медальлары қолға киргизилди.

Ал, улыўма командалық есапта болса, өзбекстанлы пара атлетлер Қытай, Иран, Япония ҳәм Қубла Кореядан соң бесинши орынды ийелеп келмекте.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы