Ҳәзирги күнлери Шыршық қаласында аўыр атлетика бойынша ересеклер ҳәм жаслар арасында Өзбекстан кубоги жарысы болып өтпекте.

Оған мәмлекетимиздиң барлық аймақлары сыяқлы Қарақалпақстаннан да бир қатар спортшылар қатнаспақта.

Өткерилген жарыслар жуўмағында,  республикамыздың жас спортшылары да сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды. Атап айтатуғын болсақ, Олимпия ҳәм спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң тәрбияланыўшылары Нурсултан Есбергенов 89 кг салмақ категориясында ересеклер арасында екинши, жаслар арасында үшинши орынды, 96 кг салмақта Бахтияр Мурадов жаслар арасында, 109 кг салмақта Равшанбек Якуббаев ересеклер ҳәм жаслар арасында үшинши орынларды ийелеўге еристи.


Бул спортшыларды жарысқа халықаралық дәрежедеги спорт шебери, тренер Бахтияр Нурыллаев таярлады.

Өзбекстан кубоги жарысы 29-октябрьге шекем даўам етеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы