Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм қәнигелерди сырт еллерде таярлаў және олардың потенциалын буннан былай да арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының әҳмийети ҳәм жаслар турмысында тутқан орны, сондай-ақ, «Эл-юрт умиди» қорының ашық стипендия таңлаўлары тәртибин түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаўға бағышланған семинар шөлкемлестирилди.

Илажға министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жас хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының докторант, магистрант ҳәм студент-жаслары, Қарақалпақстан Республикасы «Келешек лидерлери» клубының ағзалары қатнасты.

Семинарда Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы директорының орынбасары А.Рейимбаев Өзбекстан Республикасы Президентиниң жоқарыда аты аталған пәрманы ҳәм оның жаслар турмысындағы әҳмийети, «Эл-юрт умиди» қоры қаржылары есабынан сырт еллердеги абырайлы жоқары оқыў орынларында магистратура бағдарламалары арқалы билим алып, бүгинги күни мәмлекетимиздиң халық хожалығы тараўларында жумыс алып барып атырған стипендиатлар Г.Годарова, У.Камалов, Б.Узақбаевалар қор тәрепинен жасларға ажыратылып атырған сырт ел грантлары туўралы кең түрде мағлыўматлар берип, қор стипендиясын жеңип алыў бойынша өз тәжирийбелери менен ортақласты.







-Семинарды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет қәбилетли, келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын жас қәнигелер ҳәм студент-жасларды «Эл-юрт умиди» қорының билимлендириў бағдарламалары тийкарында сырт еллердеги абырайлы билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў орайларында оқыўына жәрдем бериў, профессионал, терең билимге ийе, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбияланған жаңа әўлад кадрларын қәлиплестириў ҳәм оларды мәмлекетлик хызметке тартыўдан ибарат,-дейди семинар шөлкемлестириўшилериниң бири А.Рейимбаев.

Илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша баянатшыларға мүрәжат етип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги