Электромобильлерди зарядлаў станцияларыныӊ көргизбеси өткерилди


Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақадлпақстан Республикасы басқармасында биринши мәрте “Green Drive Expo: Charging the Future”  атамасында электромобильлерди зарядлаў станцияларыныӊ көргизбеси өткерилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнге келип елимиз бойлап электромобильлерден пайдаланыў кеӊнен ен жайып бармақта. Бундай көргизбелердиӊ өткерилиўи электромобильлерди зарядлаў станциялары саныныӊ ҳәм сапасыныӊ артыўына хызмет етеди.

Илаж қатнасыўшылары “VOLTAUTO” компаниясыныӊ халықаралық сертификатына ийе болған заманагөй зарядлаў станциялары, олардыӊ баҳалары ҳәм хызмет көрсетиў шәртлери менен жақыннан танысты.

ЖПХ хызметкерлерине хызмет автомашиналары тапсырылды


Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы жол-патрул хызмети хывзметкерлерин сыйлықлаў мәресими болды.

Онда сөзге шыққанлар атап өткениндей, бүгинги күни жолларда автоавариялардыӊ алдын алыў, сол арқалы инсанлардыӊ өмирин сақлаў, жол инфраструктурасын жақсылаў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Илажда жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўге өз үлесин қосып киятырған бир топар хызметкерлер менен нуранийлар ақшалай сыйлық ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ жол-патруль хызмети батальоныныӊ хызметкерлерине 7 дана хызмет автомашинасы тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги