Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен илаж болып өтти.


Онда филиал директоры Адилбай Есимбетов жәмәәтти кәсиплик байрам менен қутлықлап, өзиниӊ жыллы тилеклерин билдирди. Соныӊ менен бирге, Президентимиздиӊ басшылығында соӊғы жыллары тараў хызметкерлерине көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлыққа тоқтап өтти.

Буннан кейин филиал жасларына билим бериўде аянбай мийнет етип киятырған белсенди профессор-оқытыўшылар менен хызметкерлерге  Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Салтанатлы кеше студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги