Дерлик бир ай даўамында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында, мәкан пуқаралар жыйынларында 13-14 жастағы өспиримлер арасында «Мәҳәллемиз палўанлары» турнириниң дәслепки басқышлары болып өткен еди. Оларда 4100 ге шамалас жас спортшылар өз-ара күш сынасты.

Жақында, Нөкис олимпия резервлери колледжинде усы турнирдиң Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Онда республикамыз қала, районларынан келген 46, 50, 55 кг салмақ котегориясындағы ер балалар ҳәм 44, 48, 52 кг салмақ категориясындағы қыз балалардан ибарат  15 команда өз-ара күш сынасты.

Жарысты өткериўден мақсет – әзелий қәдриятымыз есапланған ҳәм ҳәзирги ўақытта улыўмаинсаный қәдриятқа айланған, ҳадаллық, кеңпейиллик, инсаныйлық пазыйлетлерин өзинде жәмлеген миллий спортымыз гүрести мәҳәллелерде, халық, әсиресе жаслар арасында кең түрде үгит-нәсиятлаў, жас әўладтың физикалық жақтан шыныққан, ҳәр тәреплеме жетик инсан болып жетилисиўи ушын шараятлар жаратыў, жаслар арасында жарыслар өткерип, қәбилетли гүресшилерди анықлап, гүрес бойынша үлгили секциялар, клублар шөлкемлестириў ҳәм олардың жумысларын жолға қойыў болып есапланады.

Жарыс жуўмағында Нөкис қаласы командасы биринши, Хожели районы командасы екинши, Қоңырат районы командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпаз командалар ҳәм жас спортшылар «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен таярланған естелик саўғалары ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.