xabar.uz дыӊ мәлимлеме бериўинше, бул ҳаққында ўәлаят ҳәкими Зойир Мирзаевтиӊ тийисли буйрығы жәрияланды.

«Мўйноққа мадад» жойбары бойынша, ўәлаят ҳәкими топланған қаржылар есабынан Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районындағы кем тәмийинленген, майыплығы бар, мүтәж шаӊарақлардыӊ турақ-жайларын оӊлаў, авариялық жағдайдағыларын жаӊадан қурыў жумыслары ушын 2 миллиард сум қаржы ажыратылады.

Ҳәкимликтиӊ «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясыныӊ берген мағлыўматларға бола, Мойнақта өткерилген хатлаў нәтийжелерине бола, 800 ге шамалас турақ-жайлар қурылыўы ҳәм  оӊланыўы белгиленген.

Соннан 12 мәҳәлледе бүгинги күнде 142 жаӊа үлгидеги жайлар қурылмақта. Усы жумыслар ушын 98 миллиард сум қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги