Турақ жайды ижараға алыў (ижарада турыў) ушын пул компенсациясы контракт бойынша хызмет етип атырған, турақ жай менен тәмийинленбеген қатардағы әскер, сержант ҳәм офицерлер қурамына кириўши шахсларға әмелдеги қәрежетлер шеңберинде (коммунал хызметлер ҳақы буған кирмейди) төмендеги муғдарда төлениўи белгиленген:

Ташкент қаласында — БЕМниң 4 есесине шекем;

Нөкис қаласында ҳәм ўалаятлар орайларында — БЕМниң 3 есесине шекем;

басқа қалалар, районлардың орайлары ҳәм елатлы пунктлерде — БЕМниң 2 есесине шекем.

Шаңарақ ағзалары 3 адам ҳәм оннан артық болған жағдайда (әскерий хызметкердиң өзин есапламаған ҳалда) усы пул компенсациясы муғдарлары 50 процентке арттырылады.

Онда әскерий хызметкердиң әскерий хызметти орынлаў жайына келген шаңарақ ағзалары: ҳаялы (күйеўи), олардың балалары ҳәм ата-аналары, сондай-ақ нызамшылыққа муўапық ижараға алыўшының шаңарақ ағзалары деп көрсетилген басқа шахслар есапқа алынады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги