Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола 1415-сентябрь күнлери әмелий сапар менен Душанбе қаласында болды.

Мәмлекетимиз басшысы сапарының биринши күни Душанбеде Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасты ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының бесинши Мәсләҳәт ушырасыўы шеңбериндеги илажларда қатнасты.

Президент Шавкат Мирзиёев 15-сентябрь күни Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.

Тәжикстан тәрепиниң басшылығында өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, сондай-ақ, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети Баслығының биринши орынбасары Адилбек Қасымалиев ҳәм БМШ Бас секретариатының арнаўлы ўәкили – Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайдың баслығы Каха Имнадзе де қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, Тәжикстанның 2020-2023-жылларда Қорға басшылығының жуўмақлары ҳаққында есап берилди, Арал теңизи бассейнинде экология, суў хожалығы ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаўдың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты ҳәм Қор шеңбериндеги өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў перспективалары додаланды.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бас резиденциясында Тәжикстан Республикасының биргеликтеги басшылығында Глобаллық суў конференциясы табыслы өткенин айрықша атап өтти. Бул тарийхый илаж жуўмақларына бола, Орайлық Азияның суў тараўындағы турмыслық әҳмийетли мәселелер ҳәм машқалаларға пүткил халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын тартыўға ерисилди.

Мәмлекетимиз басшысы структура шөлкемлестирилгеннен берли өткен 30 жылда Арал теңизи бассейнинде экологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў мәселелерин шешиў, қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз-ара муўапықласқан көзқарасларды ислеп шығыўда Қордың орны ҳәм әҳмийетин таллады.

– Аралды қутқарыў халықаралық қоры – бул, бәринен бурын, Орайлық Азия мәмлекетлериниң глобаллық көлемдеги ең өткир машқалалардан бирин шешиў бойынша көп тәреплеме бирге ислесиў бағдарындағы сийрек ушырасатуғын тәжирийбе болып есапланады, – деди Президентимиз.

Глобаллық климат өзгерислери ақыбетинде жүзеге келип атырған жаңа қәўип-қәтерлер шараятында бундай регионаллық бирге ислесиўдиң орны ҳәм әҳмийети және де артып атырғаны атап өтилди. Орайлық Азияда суў жетиспеўшилиги машқаласы аўыр ҳәм сөзсиз дәрежеге енди ҳәм буннан былай ол барған сайын тереңлесип барабереди.

Өзбекстан жетекшиси көп тәреплеме шериклик нәтийжелилигин ҳуқықый ҳәм институционаллық жақтан тәмийинлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар турғанын атап өтип, суў-экология тараўындағы бирге ислесиўге байланыслы бир қатар әмелий усынысларды алға қойды.

Қордың ҳуқықый тийкарларын буннан былай да жетилистириў ҳәм институционаллық механизмлерин модернизациялаў шеңберинде тийкарғы ҳүжжет ҳәм келисимлерди хатлаўдан өткериў ҳәм қайта көрип шығыў, әмелдеги структураны таллаў ҳәм Қор қурамындағы шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бағдарында усыныслар таярлаў, оның жумысы ҳәм бирге ислесиў мәселелерин анық тәртипке салатуғын «Тәртип-қағыйдалар»ды ислеп шығыў усыныс етилди.

– Қорды раўажландырыў ҳәм реформалаў процесслерин тармақлараралық принцип тийкарында, яғный заманагөй экологиялық қәўип-қәтерлерди есапқа алған ҳалда, «суў – энергетика – азық-аўқат» тәртибиндеги комплексли көзқараслар негизинде әмелге асырыў әҳмийетли болып есапланады, – деп айрықша атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Тийкарынан миллий режелер бағдарында әмелге асырылып атырған Арал теңизи бассейни мәмлекетлерге жәрдем көрсетиў бойынша төртинши Бағдарламаның орынланыўы тәшўишке салатуғын жағдайда екенин билдирип, Өзбекстан Президенти Қор басқарыўына әмелдеги Бағдарламаны сын көзқарастан қайта көрип шығыў тапсырмасын бериў ҳәм ҳәр бир регионаллық жойбардың көлемин ҳәм қаржыландырыў дәреклерин белгилеген ҳалда, «жол карталары»н, олардың орынланыўы бойынша келисилген кестесин таярлаўды усыныс етти.

Тийкарғы регионаллық жойбарларды алға қойыў ушын инвестиция, технология ҳәм техникалық жәрдемди тартыў мәселелери бойынша системалы бирге ислесиўди де күшейтиў зәрүр екени атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетлеримиздиң ҳәр бири анық мақсетли көрсеткишлерди белгилеген ҳалда, регионаллық жойбарларда сырттан жәрдемди тартыў бойынша өзине миннетлеме алыўы ҳәм басшылық ететуғын тәрептиң муўапықластырыўы тийкарында инвестицияларды ҳәм техникалық жәрдемди тартыў ҳәм бөлистириў механизмлерин ислеп шығыў усынысы билдирилди.

Буннан тысқары, сырт елли шериклер, жетекши халықаралық институтлар ҳәм донор шөлкемлерди тартқан ҳалда, қоспа жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мақсетинде арнаўлы регионаллық конференция өткериў усыныс етилди.

Өзбекстан басшысы регионымызда суў-энергетика ресурсларын интеграцияласқан ҳалда басқарыў сиясатын муўапықластырыў мақсетинде халықаралық консультантлардың қатнасыўында Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья бассейнлерин раўажландырыў бойынша узақ мүддетке мөлшерленген режелер ислеп шығыў мақсетке муўапық екенин атап өтти.

– Суў ҳәм басқа да тәбийғый ресурслардан үнемлеп-тежеп пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириў, арнаўлы бағдарламаны қабыл еткен ҳалда, жаслар басламалары ҳәм стартапларын қоллап-қуўатлаў мәселелеринде жаслар менен ислесиўди регионаллық дәрежеде шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратыў керек. Бул мәселелерди көрип шығыўда Превентив дипломатия бойынша регионаллық орай белсене тартылыўына исенемиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Экосистемалар деградациясының және де күшейиўиниң алдын алыўда, бәринен бурын, Арал теңизи аймағындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша тоқтап, Президентимиз ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда Аралбойындағы экологиялық ҳәм социаллық жағдайды жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

– Кейинги бир неше жыл даўамында Арал теңизиниң қурыған түбинде 1,7 миллион гектар тоғайлықлар жаратылды. Жақын еки жылда және 400 мың гектар жасыл аймақлар жаратыў режелестирилмекте. Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў, сондай-ақ, Аралбойында био-көптүрлиликти сақлаў ушын 3,5 миллион гектардан аслам майданда тәбият парклери, қорықханалар ҳәм мәмлекетлик қорғаў аймақлары жаратылды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Буннан тысқары, Өзбекстанда суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша үлкен көлемдеги илажлар әмелге асырылмақта. Соңғы 7 жыл даўамында мәмлекетимизде суўғарылатуғын жерлердиң төрттен бир бөлегин қурайтуғын 1 миллион гектардан аслам майданда суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилди.

Бирге ислесиўшилерге суўды үнемлеў тараўын Қор жумысының тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгилеп, бул бағдарда бирге ислесиўди күшейтиў усыныс етилди. Усы мәселелердиң барлығын комплексли көрип шығыў мақсетинде суў ресурслары, энергетика, экология ҳәм экономика министрлериниң турақлы ушырасыўлары бойынша Регионаллық платформаны шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Өзбекстан Президенти «Қўштепа» каналының қурылысы бойынша да өз пикирин билдирди. Атап өтилгениндей, регионымызда суўдан пайдаланыў процесинде жаңа қатнасыўшы пайда болды. Усы мүнәсибет пенен канал қурылысы ҳәм оның Әмиўдәрья суўынан пайдаланыў тәртибине тәсирине байланыслы барлық тәреплерди мәмлекетлеримиздеги изертлеў институтларын тартқан ҳалда үйрениў бойынша Қоспа жумысшы топарды қәлиплестириў, сондай-ақ, Аўғанстан ўәкиллерин суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў бойынша регионаллық сөйлесиўге тартыў мәселесин көрип шығыў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында бүгинги саммитте алға қойылып атырған басламалар ҳәм қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң әмелге асырылыўы Қор шеңберинде халықларымыздың абаданлығы ҳәм пүткил Орайлық Азия регионының гүллеп-раўажланыўы жолында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Мәжилисте Тәжикстан, Қазақстан, Түркменстан басшылары ҳәм Қырғызстан Ҳүкиметиниң ағзасы да шығып сөйледи, Бирлескен Мәмлекетлер Шөлкеми Бас хаткериниң мүрәжаты оқып еситтирилди.

Илаж жуўмағында Қордың шөлкемлестириўши мәмлекетлери төмендеги ҳүжжетлерге қол қойды:

– Аралды қутқарыў халықаралық қорының шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшыларының Душанбе протоколы;

– Аралды қутқарыў халықаралық қорының шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң Тәжикстан Республикасының АҚХҚдағы басшылығының жуўмақлары ҳаққындағы қарары;

– Аралды қутқарыў халықаралық қорының шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 2024-2026-жылларға АҚХҚ президенти етип сайланғаны ҳаққындағы қарары;

– Аралды қутқарыў халықаралық қорының шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң АҚХҚ шөлкемлестириў структурасы ҳәм шәртнама-ҳуқықый базасын жетилистириў бойынша жумысы ҳаққындағы қарары.

2024-2026-жылларда АҚХҚға басшылық Қазақстан Республикасына өтти.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстан Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА