Өзбекстан илим ҳәм әдебияты аўыр жоғалтыўға ушырады.

Филология илими тараўында белгили илимпаз, Өзбекстан Илимлер академиясының академиги Наим Каримов быйыл 17-сентябрь күни 91 жасында қайтыс болды.

Н.Каримов 1932-жылы 12-декабрьде Ташкент қаласында туўылды. 1955-жылы Орта Азия мәмлекетлик университети (ҳәзирги Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университети)н тамамлап, усы жоқары билимлендириў мәкемесиниң аспирантурасында оқыды.

Өзиниң мийнет жолын 1958-жылы Өзбекстан Илимлер академиясы Тил ҳәм әдебият институты (ҳәзирги Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклор институты)нда киши илимий хызметкер сыпатында баслаған мийнеткеш ҳәм пидайы илимпаз көп жыллық илимий-дөретиўшилик жумысы даўамында усы институтта үлкен ҳәм жетекши илимий хызметкер, бөлим баслығы ўазыйпаларында иследи. 1962-жылы кандидатлық, 1993-жылы докторлық диссертациясын қорғады. 2022-2008-жыллары «Шейитлер естелиги» қайырқомлық қорының баслығы, соның менен бирге, «Репрессия қурбанларының естелиги» музейиниң басшысы, 2008-жылдан усы музейдиң жетекши илимий хызметкери сыпатында нәтийжели мийнет етип, мәмлекетимизде илим ҳәм билимлендириў тараўларын раўажландырыў, жоқары тәжирийбели педагог-кадрлар таярлаўға салмақлы үлес қосты.

Н.Каримов XX әсир өзбек әдебиятын үйрениў бойынша кең көлемли фундаменталь изертлеў ҳәм излениўлер алып барып, бул бағдарда өзине тән мектеп жаратты. Атап айтқанда, ағартыўшылықты сүйиўши жадидлердиң өмири ҳәм мийнет жолы, XX әсир өзбек әдебиятының белгили ғайраткерлериниң дөретиўшилигине бағышланған көплеген монография ҳәм изертлеўлери, ағартыўшылық романлары, сондай-ақ, мыңнан аслам илимий мақалалары, бир қатар сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары әдебияттаныў илимине мүнәсип үлес болып қосылды.

Илим тараўында көп жыллық нәтийжели хызметлери ушын 2017-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы етип сайланды.

Илимпаздың колониялық дүзим жылларында репрессияға ушыраған пидайы зиялыларымыздың ибратлы өмири ҳәм мийнет жолын ҳәр тәреплеме үйрениў, олардың илимий-ағартыўшылық мийрасын ғалаба ен жайдырыў бағдарындағы хызметлери тек ғана елимизде емес, ал сырт еллердиң илимий жәмийетшилиги тәрепинен де тән алынған.

Көп қырлы илимпаз дүнья әдебиятының бир қатар сайланды шығармаларын өзбек тилине шеберлик менен аўдарыў менен бирге, тарийхый темаларда жигирмаға шамалас ҳүжжетли фильмлерди жаратыўда да белсене қатнасты.

Оның тиккелей басшылығында көплеген илим кандидатлары ҳәм докторлары таярланған.

Академик Н.Каримовтың елимиз илимин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстан Республикасы илим ғайраткери», «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атақлары, «Эл-юрт ҳурмати» ордени ҳәм Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик сыйлықларына ерискен еди.

Белгили илимпаз, меҳрийбан устаз, ҳүрметли ҳәм кишипейил инсан Наим Каримовтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов, А.Арипов,

Б.Йўлдошев, С.Сайидов