Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Өзбекстан мәмлекетлик көркем онер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары менен ушырасты.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы ҳәм жаңа окыў жылының басланыўы менен қутлықлады. Сондай-ақ, елимиздиң социаллық-экономикалық турмысының барлық тараўлары менен бирге билимлендириў системасында алып барылып атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислерди айрықша атап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде жасларға қаратылып атырған айрықша итибар әсиресе, билимлендириў тараўында жүргизилип атырған реформалар нәтийжесинде соңғы жыллары жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны артып, қабыллаў квоталары ҳәр жыл сайын көбеймекте. Оларға сапалы билим бериўди тәмийинлеў бағдарында профессор-оқытыўшылардың мийнет ҳақысы дерлик 3,5 есеге арттырылды. Усы тийкарда көплеген жасларымыз өзлериниң жоқары билими, зийреклиги ҳәм айрықша қәбилети менен жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.

Ушырасыў даўамында 2023-2024-оқыў жылында қабыл етилген студентлерге “Студентлик гүўалығы” тапсырылып, илаж студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.



Қарақалпақстан хабар агентлиги